Хорижлик инвесторлар “Tashkent city” халқаро ишбилармонлик марказига қизиқиш билдирмоқда

Бурын хабар берилгениндей, Ташкент қаласының Әлийшер Наўайы. Алмазар, Ислам Кәримов ҳәм Фурқат көшелери аралығында Tashkent City  халықаралық бизнес орайы қурылмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев усы жыл 6-апрельде де бул жерге келип, имаратларды заманагөй ҳәм сапалы етип қурыў бойынша көрсетпелер берген еди.

Бүгинги күнде усы заманагөй орайдың қурылысы жети лотта жедел алып барылмақта. Ҳәзирге шекем 42 мың куб метр топырақ жумыслары орынланған, жер асты монолит қатламларын беккемлеў жуўмақланған.

Сырт елли инвесторлар да бул перспективалы жойбарда қатнасыўға үлкен қызығыўшылық билдирмекте. Бүгинги күнде «Tashkent City» ҳәкимшиилк кеңеси тәрепинен дерлик 10 инвестордың субъект пенен бирге ислесиўи тастыйықланған. Олардың арасында Уллы Британия, Германия, Қубла Корея сыяқлы мәмлекетлердиң ири қурылыс компаниялары бар.

Мәмлекетимиз басшысы усы бизнес орайы қурылысының барысы менен танысты.

Қурылысшы ҳәм инженерлер сырт елли қәнигелер менен сәўбетлести. Мийманханада ҳәм конгресс-холлда халықаралық илажларды өткериў ушын барлық шараятлар жаратыў, залларды безеўде ҳәм үскенелеўде миллийлигимизге итибар қаратыў зәрүрлигин атап өтти.

Матназар Элмуродов, ӨзА