Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-август күни елимизге әмелий сапар етип келген Азия инфраструктура инвестициялары банки президенти Цзинь Лицюнды қабыл етти.
Мәмлекетимиз басшысы мийманды Азия континентинде заманагөй ҳәм исенимли инфраструктураны қәлиплестириўге көмеклесетуғын жаңа халықаралық қаржы институты болған усы банк өзиниң әмелий жумысын табыслы баслағаны менен шын жүректен қутлықлады.
2015-жылы шөлкемлестирилген ҳәм бас резиденти Пекинде жайласқан Азия инфраструктура инвестициялары банки дүньяның ҳәр қыйлы еллеринде 17 инвестициялық жойбарларды қаржыландырыўда белсене қатнаспақта.
Елимиз 2016-жылдың ноябрь айында банкти шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим шеңберинде мәмлекеттиң ишки тәртип-қағыйдаларын орынлады ҳәм усы халықаралық қаржы институтының тең ҳуқықлы ағзасы болды.
Ушырасыў ўақтында Өзбекистан Республикасында улыўма баҳасы 2,7 миллиард доллар болған перспективалы жойбарларды-суў хожалығы объектлерин модернизациялаў, энергетика инфраструктурасын раўажландырыў, заманагөй автомобиль жолларын қурыў, темир жолларды электлестириў ҳәм пайтахт метрополиэтилени тармағын кеңейтиў және басқа да жойбарларды әмелге асырыўға байланыслы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелери додаланды.
Қоспа жойбарларды әмелге асырыўға жеке меншик инвестицияларды тиккелей тартыў механизмин жаратыў бойынша бирге ислесиў имканиятларының бар екени айрықша атап өтилди.
Азия инфраструктура инвестициялары банки президенти Цзинь Лицюнь Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа шын жүректен қабыл еткени ҳәм өз-ара пайдалы шериклик қатнасықларын раўажландырыўды қоллап-қуўатлағаны ушын миннетдаршылық билдирди. Банк Өзбекистан менен узақ мүддетли ҳәм кең көлемли бирге ислесиўге таяр екенин айрықша атап өтти.
ӨзА