Сырт еллердиң пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды буннан былай Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги тәрепинен кириў визасын (мирәтнама) 1 айға рәсмийлестириў ямаса оның мүддетин узайтыў менен байланыслы ўақытша пропискаға қойыў бажы төлеминен азат етилмекте, деп жазады Kun.uz сайты усы жылдың 29-май күни қол қойылған «Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айрым қарарларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып.
Хабарда жазылыўынша, Министрлер Кабинетиниң «Сырт ел валютасындағы мәмлекетлик бажылар, жыйнаўлар ҳәм салық есапланбайтуғын басқа төлемлердиң ставкалары ҳаққында»ғы 1993-жыл 19-августтағы қарарына 2-қосымшаның IX бөлиминиң текстине тийисли өзгерислер киргизилди.
Бурынғы редакциядағы текстте бул бөлимде сырт елли пуқаралар ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ушын ўақытша пропискаға қойыў төлеми 1 ай ушын 20 доллар етип белгиленген еди. Сондай-ақ, ҒМДАға ағза болған мәмлекетлердиң пуқаралары, бурынғы Аўқам паспортына ийе, бирақ пуқаралығы анықланбаған шахслардың Өзбекстанда ўақытша пропискаға қойылыўына байланыслы төлемлерге де өзгерис киргизилди. Яғный 1 ай мүддетке бийпул, 1 айдан 6 айға шекем 5 доллар, ярым жылдан көп мүддетке ҳүжжет рәсмийлестириўде 10 доллар төлениўи белгилеп қойылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги