Қытай Халық Республикасы мәмлекетлик сапарының исбилерменлик илажлары даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Гуандун провинциясы комитетиниң хаткери Хуан Куньмин менен биргеликте Шэньчжень қаласында өтип атырған биргеликтеги Инвестициялық форумда қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы өткен жылдың май айында Қытайға мәмлекетлик сапары шеңберинде де усы елдиң исбилерменлик, қаржы ҳәм инвестициялық топарлардың жетекши ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерген еди. Сол ўақытта ерисилген әҳмийетли келисимлер еки тәреплеме саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық шерикликти және де кеңейитти.

Бүгинги инвестициялық форум нәтийжели сөйлесиўдиң даўамы болып, еки мәмлекет уйымлары ҳәм аймақларының басшыларын, Қытай ири бизнесиниң 600 ден аслам ўәкилин қамтып алды. Қытайдың Миллий нефть-газ корпорациясы, Миллий химия-инжиниринг компаниясы, Аэрокосмослық илимий-санаат корпорациясы, «China Energy», «Gezhouba Group», «China CAMC Engineering», «Huawei Technologies», «SANY Renewable Energy», «BYD Auto Industry», «Xinjiang Hualing Group», «ZTE», «TBEA», «Universal Energy»  компаниялары, Қытай раўажланыў банки, Мәмлекетлик раўажланыў банки, Экспорт-импорт банки усылардың қатарына киреди.

Мәмлекетимиз басшысы форумды ашып, барлық қатнасыўшыларды қызғын қутлықлап ҳәм илаж ҳақылы түрде Қытайдың инвестициялар пайтахты есапланған Шэньчжэнь қаласында өткерилип атырғаны да өзине тән символикалық мәниске ийе екенин атап өтти.

– Бүгин мәмлекетлеримиз арасындағы кең көлемли ҳәм өз-ара пайдалы қатнасықлар биринши гезекте, экономикалық бирге ислесиў байланысларынан күш алады, – деди Президент.

Кеше ҚХР Баслығы Си Цзиньпин менен нәтийжели сөйлесиўлер өткерилгени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Ерисилген нәтийжелерден бири мәмлекетлеримиз бизнес ўәкиллериниң жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға қолайлы шараятлар жаратыў бойынша келисимлер болды.

Қабыл етилген тарийхый ҳүжжет – Өзбекстан-Қытай қатнасықларын барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик дәрежесине алып шығатуғын мәмлекет басшыларының Биргеликтеги билдириўи де буған хызмет етеди.

Өзбекстан Президенти еки мәмлекет арасындағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жедел пәтте өсип, кең көлемге ийе болып атырғанына айрықша итибар қаратты.

Атап айтқанда, кейинги жылларда өз-ара саўда көлеми еки есеге көбейип, 2023-жылы рекорд көрсеткиш – 14 миллиард долларға жетти. Мәмлекетимиз басшысы жақын жылларда, соның ишинде, аўыл хожалығы ҳәм санаат өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди кеңейтиў, айырым түрдеги өнимлер бойынша жеңиллетилген саўданы жолға қойыў ҳаққында жаңа ҳүкиметлераралық келисим дүзиў арқалы бул көрсеткишти 20 миллиард долларға жеткериў ушын имканият бар екенин және бир мәрте атап өтти.

Қытайдың Өзбекстанға киргизген улыўма инвестициялары көлеми 14 миллиард доллардан артты. Қытай инвестициясының қатнасыўындағы кәрханалар саны үш есеге көбейди.

Мәмлекетимиз басшысы жақында Урумчиде өткен аймақлараралық форум ҳәм санаат өнимлери көргизбесинде әҳмийетли инвестициялық келисимлерге қол қойылғанын жоқары баҳалады.

Өзбекстан тәрепи бул исбилерменлик платформасын системалы түрге ендириў ҳәм гезектеги форумды елимизде өткериўге таяр екени билдирилди. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы турақлы жумыс жүргизетуғын еки мәмлекет аймақлары кеңесин шөлкемлестириў бойынша режелерди қоллап-қуўатлайды.

Бизге белгили, Жаңа Өзбекстанда экономиканы либералластырыў ҳәм базар механизмлерин енгизиў бойынша структуралық өзгерислер әмелге асырылмақта.

Жоқары технологиялық санаат өнимлерин ислеп шығарыў жойбарларын қоллап-қуўатлаў қоры дүзилген. Усы айдан баслап «санаат ипотекасы» иске қосылмақта, бунда жер ҳәм өндирис майданлары «таяр бизнес» түринде инвесторларға бериледи.

Ири банклер, санаат ҳәм инфраструктура объектлерин меншиклестириў процесслерин жеделлестириў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиўге үлкен итибар қаратылып атырғаны атап өтилди.

Биргеликтеги ҳәрекетлерди жаңа жойбар ҳәм басламаларды алға қойыўға жумсаў әҳмийетли екенин атап өтип, мәмлекетимиз басшысы келеси бирге ислесиўдиң тийкарғы ҳәм перспективалы бағдарларын көрсетип өтти.

Булар – инфраструктураны раўажландырыў жойбарларына Қытай қаржы институтларының қаржыларын тартыўдың әпиўайыластырылған тәртибин енгизген ҳалда усы мәмлекет компаниялары менен шерикликти кеңейтиў, экономиканың тийкарғы тармақларында, соның ишинде, стратегиялық шийки затты терең қайта ислеўде санаат кооперациясын раўажландырыў.

Буннан тысқары, аўыл хожалығын турақлы жүргизиўде Қытайдың алдынғы технологияларын тартыў ҳәм жерлерди қайта тиклеў ҳәм дузға шыдамлы өсимликлерди егиў бойынша илимий көзқарасларды енгизиў.

«Жасыл» энергетикада стратегиялық шерикликти және де алға қойыў ҳәм Қытай компанияларының меншиклестириў бағдарламасында қатнасыўы да әҳмийетли бағдарлар сыпатында атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен инвестициялық жойбарлар портфелин, инфраструктура ҳәм санаат кооперациясын раўажландырыў бағдарламаларын кеңейтиў бойынша қытайлы шериклер менен келисимлерге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Сондай-ақ, сапар даўамында Қытайдың жетекши банклери тәрепинен жойбарларды қаржыландырыўды кеңейтиў, Экспорт-импорт банкиниң ўәкилханасын ашыў ҳәм Жипек жолы фонды менен биргеликте жаңа Инвестициялық платформаны жаратыў бойынша қабыл етилген қарарлар қытайлы бирге ислесиўшилердиң Өзбекстандағы табыслы жумысына күшли пәт бағышлайтуғыны атап өтилди.

– Және бир жаңалық. Ҳәр бир қытайлы бирге ислесиўшиге жойбарлар басынан ақырына шекем басшылық ететуғын инвестиция менеджери тайынланды. Олар компанияларыңыз жойбарларды табыслы әмелге асырыўында жаңа имканиятлар жарататуғынына айрықша исенемиз, – деди Президент.

Гуандун провинциясы партия комитетиниң хаткери Хуан Куньмин да форум қатнасыўшыларына мүрәжат етти. Президентимиз алып барып атырған артқа қайтпайтуғын реформалар сиясатын толық қоллап-қуўатлайтуғынын билдирип, Өзбекстанда ашылып атырған үлкен имканиятларды атап өтти ҳәм Қытай бизнесин мәмлекетимизде өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыўда және де жеделлирек қатнасыўға шақырды.

Бизнес форум жуўмағында энергетика, нефть-газ, таў-кән, электротехника, жеңил санаат, машина қурылысы, инфраструктураны раўажландырыў, аўыл хожалығы, билимлендириў, транспорт ҳәм логистика тараўларында жойбарларды әмелге асырыў бойынша ҳүжжетлердиң үлкен топламына қол қойылды.

«Жол карта»сы ислеп шығылып, ҳәр бир жойбарға жуўапкер менеджерлер бириктириледи.

Жуўмағында Өзбекстан Президенти усы Гуандун инвестициялық форумды ҳәр жылы шөлкемлестириў басламасын алға қойып, оның гезектеги ушырасыўын келеси жылы Самарқанд қаласында өткериўди усыныс етти.

ӨзА