24-январь күни Пекин қаласы Тяньаньмэнь майданындағы Халық жыйынлары үйинде мәмлекетлик сапар менен Қытайда болып турған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Мәмлекетимиз басшысы ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти күтип алды.

Жетекшилер еки мәмлекет рәсмий делегациялары ағзаларын қутлықлады.

Әскерий оркестрдиӊ атқарыўында Өзбекстан ҳәм Қытай гимнлери жаӊлады.









Ҳүрметли қараўыл баслығы Президентимизге рапорт берди. Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти.

Буннан соӊ, Пекин қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы  Си Цзиньпинниң рәсмий делегациялар ағзалары қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.


Ушырасыўлар алдынан Президентимиз Қытай жетекшисине сапар етип келиўге  мирәт еткени ҳәм көрсетилип атырған жыллы миймандослық, Жаңа Өзбекстандағы реформалардың жоқары тән алынғаны ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекет басшылары кейинги жылларда еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында күшли пәтлерге ерисилгенин атап өтти.

Барлық дәрежедеги байланыслар жеделлесип, сиясий байланыс беккемленип, мәмлекетлеримиз әҳмийетли мәселелер бойынша бир-бирин қоллап-қуўатлап атырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылы ноябрь айында Пекин қаласында Сыртқы ислер министрлери стратегиялық қарым-қатнасықтыӊ биринши мәжилиси болып өтти. Парламентлераралық бирге ислесиў жеделлести.

Президентимиз ҚХР Баслығына кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бойынша бирге ислесиўге жеке өзи итибар қаратып, қоллап-қуўатлап атырғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Тәреплер Өзбекстанда Қытайдың “Лу Бань устаханасы” профессионал билимлендириў системасын енгизиў бойынша пилот жойбары басланғанын алғыслады.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жедел раўажланбақта.

Өткен жылдыӊ жуўмақлары бойынша товар алмасыў 14 миллиард долларға жетти. Жақын перспективада оны 20 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканиятлар бар екени ҳаққында бирдей пикир билдирилди.

Кейинги жыллары Қытайдан Өзбекстан экономикасына инвестициялар көлеми бес есеге, биргеликтеги кәрханалар саны болса үш есеге артты.

Инфраструктура, санат кооперациясы, аўыл хожалығы ҳәм “жасыл” энергетикада технологиялар трансфери тараўларында бирге ислесиў бағдарламаларын таярлаў ҳәм қабыл етиўге келисип алынды.

Усы мәнисте, өткен жылдыӊ ақырында Өзбекстанда Қытай компанияларыныӊ қатнасыўында қуўатлығы 100 мегаваттлық еки жаңа қуяш электрстанциялары пайдаланыўға тапсырылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Қытайдың жетекши банклери “Жипек жолы” фонды ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банки менен нәтийжели қаржы-техникалық бирге ислеўдиң бүгинги дәрежеси жокары баҳаланды.

Мәмлекетимиз басшысы инвестиция жойбарларын қоллап-қуўатлаўдың қаржылай механизмлерин кеңейтиў, атап айтқанда, биргеликтеги платформа жаратыў бағдарында келисимлерге ерисилгенин, сондай-ақ, Қытай Эксимбанкиниң Ташкент қаласында Орайлық Азия ушын регионаллық офис ашыў қарарын алғыслады.

Президентимиз қытайлы шериклерди Өзбекстандағы мәмлекетлик кәрханалар ҳәм банклерди меншиклестириў процесинде белсене қатнасыўға шақырды.

Жетекшилер аймақлараралық алмасыўлар жеделлескенине қанаатланыўшылық билдирди. Бул бағдардағы бирге ислесиўди муўапықластырыў ушын Өзбекстан ҳәм Қытай аймақлары кеңесин дүзиўге келисип алды.

“Бир мәкан, бир жол” басламасы шеңберинде Транс регионаллық транспорт ҳәм транзит көпириниң әҳмийетли қурамлық бөлеги болатуғын “Қытай – Қырғызстан – Өзбекстан” темир жолын қурыў бойынша әмелий жумысларды тез ўақытта баслаў әҳмийетли екени атап өтилди.

Күни кеше Пекинде биринши билимлендириў форумы, Шанхайда Өзбекстанның туризм имканиятлары көргизбеси табыслы өткени атап өтилди. Усы күнлери өткерилип атырган Өзбекстан мәденияты күнлери шеңбериндеги илажлар Қытай пайтахты халқы ҳәм мийманларында үлкен қызығыўшылық оятты.

Билимлендириў ҳәм туризм тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириў, өз-ара мәденият күнлерин өткериў әмелиятын даўам еттириў зәрүр екени көрсетип өтилди. Биргеликтеги Жаслар инновация форумын өткериў усыныс етилди.

Режелестирилген барлық илажлар ҳәм алға қойылған басламаларды әмелге асырыў мақсетинде тәреплер Ҳүкиметлераралық комитет ҳәм оның барлық киши комитетлери мәжилислерин усы жылдың биринши ярымында өткериўге ўәделесип алды.

Регионаллық күн тәртиби ҳәм халықаралық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

“Бирден-бир Қытай”сиясаты ҳәм “үш жаўыз күш”ке қарсы гүресиў бағдарындағы позиция өзгермейтуғыны тастыйықланды.

Сөйлесиўлер жуўмағында Өзбекстан жетекшиси ҚХР баслығын мәмлекетимизге сапар етип келиўге мирәт етти ҳәм дос Қытай халқының жақынласып киятырған қытайша Жаңа жыл – “ЧуньЦзе” байрамы менен қутлықлады.

Ушырасыў ҳәр қашанғыдай исеним, ашықлық ҳәм дослық руўхында өтти.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин Биргеликтеги билдириўге қол қойды.

Онда тәреплердиң өз-ара пайдалы бирге ислесиўди түрли тараўларда ҳәр тәреплеме беккемлеў ҳәм Өзбекстан менен Қытай арасындағы барлық шараятларда ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти мазмуны жағынан байытыўға умтылыслар тастыйықланган.

Жетекшилердиӊ қатнасыўында төмендегилерге қол қойылды:

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында қоршаған орталықты қорғаў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында техникалық-экономикалық бирге ислесиў ҳаққындағы келисим;

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында инсан ресурсларын раўажландырыў бойынша бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Қытай Халық Республикасы Ҳүкимети арасында мәмлекетлик илимий-изертлеў шөлкемлериниң бирге ислесиўи ҳаққында келисим;

– Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Билимлендириў министрлиги арасында қытай тилин оқытыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында келисим;

–Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Бажыхана бас басқармасы арасында Өзбекстаннан Қытайға мәш экспорт етиўде фитосанитариялық талаплар ҳәм қадағалаў ҳаққында протокол;

– Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Реформалар ҳәм раўажланыў мәмлекетлик комитети арасында Қытай–Орайлық Азия– Европа темир жол экспресслери бойынша бирге ислесиўди тереӊлестириў ҳаққында протокол;

– Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги Қытай Халық Республикасы Коммерция министрлиги арасында жаӊа электр транспорт қураллары тараўындағы бирге ислесиўди раўажланыдырыў ҳаққында протокол;

– Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Аўыл хожалығы ҳәм аўыл мәселелери министрлиги арасында кәмбағаллықты қысқартыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында ўәделесиў протоколы;

– Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Илим ҳәм технологиялар министрлиги арасында илими-техникалық бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳаққында бирге ислесиў протоколы;

– Өзбекстан Республикасы Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги ҳәм Қытай Халық Республикасы Стандартластырыў ҳәкимшилиги арасында стандартластырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында протокол;

– Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги ҳәм Қытай пуқаралық авиациясы басқармасы арасында “Ҳаўа жипек жолы”н биргеликте қурыў ҳаққында келисим;

– Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги жанындағы Туризм комитети ҳәм Қытай Халық Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги арасында 2024-2026-жыллары туризм тараўындағы бирге ислесиў режеси;

– Ташкент ўәлаяты ҳәм Шэньси провинциясы арасында шериклик байланысларын орнатыў ҳаққында келисим;

– Самарқанд ҳәм Циндао қалалары арасында шериклик қатнасықларын орнатыў ҳаққындағы келисим ҳәм басқалар.

Усы күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеӊеси Бас министри Ли Цян менен ушырасты.

Халық жыйынлары үйинде өткен ушырасыўда көп тәреплемели әмелий бирге ислесиўди, бәринен бурын саўда-экономикалық тараўда және де кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

ҚХР ҳүкиметиниң басшысы еки мәмлекет жетекшилериниң сиясий ерк-ықрары ҳәм биргеликтеги ҳәрекети себепли Өзбекстан-Қытай қатнасықлары барлық тараў ҳәм бағдарларда мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгенин атап өтти.

Өткен жылы товар алмасыў 50 процентке артып, рекорд көрсеткиш – 14 миллиард долларға жетти. Бул көрсеткишти, соның ишинде, жоқары сапалы санаат ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди көбейтиў есабынан 20 миллиард долларға жеткериў ушын потенциал бар екени атап өтилди. Қытайдан Өзбекстан экономикасына киргизилген инвестициялардың улыўма көлеми 14 миллиард доллардан артты.

Инфраструктураны модернизациялаў, санаат кооперациясын, аўыл хожалығында технологиялар трансферин кеңейтиў ҳәм «жасыл» энергетиканы раўажландырыў бойынша айрықша бирге ислесиў бағдарламаларын таярлаў мәселелери додаланды.

Сондай-ақ, Қытайдың жетекши банк-қаржы институтлары менен әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў ҳәм Қытай компанияларының мәмлекетимиздеги меншиклестириў процесслеринде қатнасыў перспективалары көрип шығылды.

22-январь күни Урумчи қаласында өткен биринши Өзбекстан-Қытай аймақлар форумы ҳәм санаат көргизбесиниң нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Қытайда усы күнлерде билимлендириў форумы ҳәм Өзбекстан мәденият күнлери табыслы өткерилгени атап өтилди. Тәреплер авиақатнаўлар ҳәм туристлик алмасыўды және де кеңейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.

Жуўмағында Президентимиз ҚХР Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министрин Өзбекстанға сапар етип келиўге мирәт етти.

Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы Халық сиясий мәсләҳәт кеӊеси Пүткилқытай комитетиниӊ баслығы Чжао Лэцзи менен ушырасыў өткерди.

Сәўбетте Өзбекстан-Қытай қатнасықларында жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилип, бул ретки сапар етиў ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти кеӊейтиўге жаӊа күшли пәт бағышлайтуғынына исеним  билдирди.

Кейинги жыллары өз-ара саўда көлеми еки есеге, биргеликтеги кәрханалардыӊ саны үш есеге артты.

Аймақлараралық кооперация кеӊейди, 22-январь күни Урумчи қаласында болып өткен биринши Өзбекстан-Қытай аймақлар форумыныӊ нәтийжели жетискенликлери буннан дәрек бермекте.

Қытайдыӊ кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бағдарындағы тәжирийбеси жедел енгизилмекте.

Ушырасыўда мәмлекетимиз техникалық бағдарлар бойынша қәнигелер таярлаў орайларын шөлкемлестириў, Қытайдыӊ социаллық қорғаў ҳәм қамсызландырыў, халыққа мәнзилли жәрдем бериў бағдарындағы тәжрийбесин үйрениўден мәпдар екени атап өтилди.

Парламентлер арасындағы байланысты кеӊейтиў ҳәм “Өзбекстан-Қытай” дослық топарларын жеделлестириўдиӊ зәрүрлиги атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги келисимлердиӊ әмелге асырылыўы үстинен тәсирли парламент қадағалаўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Өткен жылы Өзбекстанда Қытай мәденияты күнлери өткерилгени, әйне ўақытта Пекинде Өзбекстан мәденияты күнлери шеӊберинде өткерилип атырған илажлар қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Пекин қаласындағы Тяньаньмэнь майданына барды.

Өзбекстан ҳәм ҚХР мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Мәмлекетимиз басшысы Халық қаҳарманлары естелигине гүллер қойып, XIX-XX әсирлерде Қытай ғәрезсизлиги ҳәм азатлығы жолында қурбан болғанлардың естелигине ҳүрмет көрсетти.

Тяньаньмэнь майданы қытай миллетиниң символикалық жүреги есапланады.

1949-жылы 1-октябрь күни әне, усы жерде Қытай Халық Республикасының дүзилгени жәрияланған. Халық қаҳарманлары естелиги XX әсирдиң орталарында бой тиклеген.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қытайға мәмлекетлик сапарыныӊ исбилерменлик илажлары шеӊберинде Азия инфраструктуралық инвестициялар банки бас резиденциясына барып, банк президенти Цзинь Лицюнь менен сөйлесиў өткерди.

Бул жетекши халықаралық қаржы институты менен стратегиялық шерикликти және де кеӊейтиўдиӊ әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Кейинги жыллары банк пенен бирге ислесиў мисли көрилмеген жоқары дәрежеге көтерилди. Биргеликтеги жойбарлар портфели 3 миллиард доллардан артты. 2023-жылдыӊ өзинде тартылған инвестициялар көлеми 1 миллиард долларға жетти.

Энергетика, суў тәмийнаты, автомобиль ҳәм темир жолларды реконструкциялаў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў бойынша жойбарлар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы стратегиялық шийки затты тереӊ қайта ислеў жойбарларын қаржыландырыўды кеӊейтиў ҳәм мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында социаллық әҳмийетке ийе бағдарламаларды әмелге асырыў әҳмийетли екенин атап өтти.

Жаӊа Өзбекстанда алып барылып атырған структуралық реформалар шеӊберинде әҳмийетли бағдарлардағы жойбарларды әмелге асырыў бойынша 2026-жылға шекем мөлшерленген биргеликтеги Бирге ислесиў бағдарламасы қабыл етилди.

Орайлық Азия регионындағы стратегиялық әҳмийетли инфраструктуралық жойбарларды қоллап-қуўатлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Банк басқарыўшылары кеӊесиниӊ усы жыл сентябрь айында Самарқанд қаласында болатуғын жыллық мәжилисине таярлық көриў ҳәм оны өткериўдиӊ әмелий жақлары да додаланды.

Президент Шавкат Мирзиёев CNPC нефть-газ корпорациясыныӊ баслығы Дай Хоулянды қабыл етти.

Қытай миллий нефть-газ корпорациясы өзиниӊ тараўында дүньяныӊ алдынғы компаниясы болып, “Fortune Global 500” рейтингинде жетекши орынларды ийелеп келмекте. Нефть ҳәм газ қазып алыў бойынша ири жойбарларды, соныӊ ишинде, сырт мәмлекетлерде әмелге асырыў бағдарында үлкен тәжирийбеге ийе.

Ушырасыўда Өзбекстанда жер асты газ сақлаў сыйымлықларын қурыў ҳәм газ жеткериў системаларын модернизациялаў, заманагөй комплектлеў технологияларын енгизиў ҳәм нефть-газ тармағы ушын қәнигелер таярлаў бойынша перспективалы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Шавкат Мирзиёев Қытайдыӊ CITIC корпорациясыныӊ басшысы Си Гохуа менен де ушырасыў өткерди.

Қытай мүлкти басқарыў бойынша халықаралық инвестиция корпорациясы қаржы хызметлерин көрсетиўши, ири санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўшы жетекши компания болып табылады. Оныӊ активлери шама менен 1,5 триллион долларды қурайды.

Ушырасыўда биргеликтеги жойбарлар портфелин кеӊейтиў мәселелери көрип шығылды, онда тийкарғы итибар мәмлекетимиз жол-транспорт ҳәм инженерлик инфраструктурасын, ирригация системаларын модернизациялаўға қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы Пекин қаласындағы илажлар шеӊберинде Қытай Экспорт-импорт банкиниӊ баслығы Ву Фулинди қабыл етти.

ҚХР Эксимбанкине 1994-жылы тийкар салынған. Активлериниӊ көлеми 800 миллиард доллардан артық болған банк сыртқы саўда ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бойынша Қытайдыӊ жетекши қаржы институты болып табылады.

Ушырасыўда мәмлекетимиздеги биргеликтеги жойбарлар портфели 3,5 миллиард долларға жеткени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Банктиӊ Ташкент қаласында регионаллық офис ашыў, транспорт ҳәм социаллық инфраструктура, санаат ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў бойынша жаӊа перспективалы жойбарларды қәлиплестириў бағдарындағы режелери көрип шығылды.

Пекин қаласындағы илажлар бағдарламасы жуўмақланғаннан соӊ, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Шэньчжэнь қаласына келди.

Аэропортта жоқары мәртебели мийманды Гуандун провинциясыныӊ рәсмий шахслары күтип алды.

25-январь күни мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан-Қытай инвестиция форумында қатнасады, ҚХР жетекши компаниялары ҳәм қаржы структураларыныӊ басшылары менен ушырасыўлар өткереди.

Шэньчжэнь –  Қытайдыӊ халық саны бойынша үшинши қаласы ҳәм Гуандун провинциясындағы арнаўлы экономикалық аймақ болып табылады. Технологиялар, изертлеўлер, өнидирис, бизнес ҳәм экономика, туризм ҳәм транспорт бағдарындағы глобал орайлардан бири, контейнерли жүклер менен ислесиў қуўатлығы бойынша дүньядағы төртинши теӊиз порты болып табылады.

ӨзА