Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Пекин қаласындағы илажлар шеӊберинде Қытай Экспорт-импорт банки баслығы Ву Фулинди қабыл етти.

ҚХР Эксимбанкине 1994-жылы тийкар салынған. Активлериниӊ көлеми 800 миллиард доллардан артық болған банк сыртқы саўда ҳәм халықаралық экономикалық бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў бойынша Қытайдыӊ жетекши қаржы институты болып табылады.

Ушырасыўда мәмлекетимиздеги биргеликтеги жойбарлар портфели 3,5 миллиард долларға жеткени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Банктиӊ Ташкент қаласында регионаллық офис ашыў, транспорт ҳәм социаллық инфраструктура, санаат ҳәм жеке меншик секторды раўажландырыў бойынша жаӊа перспективалы жойбарларды қәлиплестириў бағдарындағы режелери көрип шығылды.

ӨзА