Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 18-январь күни 2024-жылы инвестиция, экспорт ҳәм санаат тараўларындағы тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтти.

«Өзбекстан – 2030» стратегиясында мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними көлемин 160 миллиард долларға ҳәм халықтың жан басына дәраматларды 4 мың долларға жеткериў мақсети белгиленген. Оған тек ғана ишки базар менен ерисип болмайды, тийкарғысы  – сырт ел инвестицияларын жедел тартыў ҳәм экспортты көбейтиў зәрүр.

Сын көзқарас руўхында өткен мәжилис алдынан бул тараўлардағы жумыслардың жағдайы, жуўапкерлердиң жумысы көрип шығылды.

Кейинги алты жылда елимизге сырт елден дерлик 50 миллиард доллар инвестиция кирген. Өткен жылы жалпы ишки өним де, санаат та 6 процентке өскен.

Бирақ товарлар экспортында өсиў болмаған. Мәмлекетимиз сертификатларын тән алыў бойынша сырт елли шериклер менен жумыслар керекли дәрежеде шөлкемлестирилмеген. Халықаралық қаржы шөлкемлериниң қатнасыўындағы 480 миллион долларлық 5 жойбар бойынша өзлестириў басланбаған. Аймақларда қаржыландырылыўы толық жуўмақланбаған 8 триллион сум муғдарында дерлик мың жойбар елеге шекем иске қосылмаған.

Жумысында немқурайдылыққа жол қойғаны ушын инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Б.Абидов, Техникалық тәртипке салыў агентлигиниң директоры Д.Саттаров, Сырт ел инвестицияларын тартыў агентлигиниң директоры М.Мирзаев лаўазымынан босатылды. Және бир қатар басшыларға интизамий шаралар көрилетуғыны айтылды.

Улыўма етип айтқанда, инвестиция комплексине киретуғын барлық министрлер ҳәм ҳәким орынбасарларының жумысына нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) енгизилетуғыны белгиленди.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы тараўдағы кемшиликлерди анық таллаўлар тийкарында көрсетип өтти.

Мәселен, өткен жылы 2 драйвер тармақ ҳәм 4 аймақта 2022-жылға салыстырғанда экспорт көлемлери азайған. Экспорттың 50 проценти елеге шекем 4 базарға туўра келмекте. Ямаса сырт елге товарлардың үштен бир бөлеги шийки зат сыпатында сатылмақта.

Өзбекстан «GSP+» системасына қосылып, Европаға 6 мың 200 түрдеги товарларды бажысыз алып кириў имканиятына ийе болса да, өткен жылы бул система шеңберинде тек ғана 384 түрдеги товарлар экспорт етилген. Мийўе-овощ экспорты ушын сырт мәмлекетлердиң фитосанитариялық рухсатлары алынғанына қарамастан, буннан толық пайдаланылмаған.

Негизинде, мәмлекетимиз экономикасын жаңа басқышқа алып шығыў ушын экспортты жылына кеминде 30 процентке арттырып барыў зәрүр.

Президентимиз бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап, структуралық реформаларды мәлим етти.

Атап айтқанда, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң системасы, жумыс усылы ҳәм көзқараслары толық өзгереди. Ол жаңа потенциаллы базарлар табыў, экспортқа қолайлы өнимлердиң егилиўин шөлкемлестириўге де жуўапкер болады.

Кейинги жылларда мийўе-овощ ҳәм азық-аўқат экспортында талап етилетуғын барлық сертификат ҳәм рухсатнамалар толық санластырылды. Бирақ елеге шекем шегарада бул процесс төрт уйым тәрепинен қадағаланбай атыр. Сол себепли, шегарадағы барлық қадағалаў функциялары Бажыхана комитетине өткерилетуғыны белгиленди.

Көплеген кәрханаларымыз халықаралық сертификат жоқ болғаны ушын глобаллық логистика шынжырларына қосыла алмай атыр. Экономиканың драйвер тараўларында халықаралық стандартларды енгизиў дәрежеси 35 процентке де жетпейди.

Соның ушын Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлигиниң жумысы толық реформаланып, Ҳүкимет қурамына өткериледи. Жуўапкерлерге кәрханаларда халықаралық сапа системаларын енгизиў, сапасы кепилленбеген өнимлер түрин көбейтиў, потенциаллы мәмлекетлер менен миллий сертификатты еки тәреплеме тән алыў бойынша келисимлерге ерисиў ўазыйпасы қойылды.

Экспортты кредитлеўге 200 миллион доллар ресурс берилген. Буннан тысқары, усы жылы экспортёрларды қоллап-қуўатлаўға 800 миллиард сум қаратылмақта. Бирақ берилген қаржылар, ҳәр қашан да, қосымша қунлы өним ҳәм экспорт дәрегине айланбай атыр.

Сол себепли енди экспортты қоллап-қуўатлаў системасы да өзгереди. Экспортты хошаметлеў агентлиги, Жәҳән саўда шөлкеминиң талаплары тийкарында, Саўданы раўажландырыў компаниясы сыпатында қайта дүзиледи. Бул компания беретуғын субсидия, кредит ҳәм жәрдемлер жаңа рейтинг тийкарында, бәринен бурын, жоқары қосымша қунлы өним менен жаңа базарларға шығып атырған экспортшыларға ажыратылады.

Жергиликли өнимлерди сыртқы базарларға жеткериўде исенимли логистика шынжырларын шөлкемлестириў, регионаллық ҳәм ири халықаралық жойбарларды жеделлестириў, товарларды бажыхана режиминде қайта ислеўди кеңейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәжилисте инвестициялар нәтийжелилиги ҳәм алдағы режелер де додаланды.

Кейинги алты жылда мәмлекетимиз санаатына тартылған инвестициялар көлеми 7 есеге артқан. Ямаса кейинги үш жылда сырт елден 14 миллиард доллар муғдарында әсбап-үскенелер алып келинген.

Бирақ санаат көрсеткишлери, жаратылған жумыс орны ҳәм қосымша қун соған жараса артпаған. Бир қатар аймақ ҳәм тармақларда иске қосылған кәрхана ҳәм үскенелер экспорт нәтийжесине тәсир көрсетпеген. Жойбарлар нәтийжелилиги үстинен жетерли дәрежеде қадағалаў алып барылмай атырғаны сынға алынды ҳәм жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.

Өткен жылы балықшылық, қусшылық, зергерлик,  пал-ҳәррешилик ҳәм пиллешилик тармақларында, Самарқанд ҳәм Ташкент қалаларында, сондай-ақ, 12 район ҳәм қалада инвестициялар көлеми салыстырмалы түрде азайған. Айырым ўәлаятларда сырт елге сапарлар ҳәм халықаралық көргизбелер ўақтында келисилген инвестициялық жойбарлардың орынланыўы төмен.

Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигине бул жойбарларды өз алдына қадағалаўға алып, жеделлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Мәжилистеги және бир тема санаат өндирисин көбейтиў ҳаққында болды.

Буның ушын елимизде 24 арнаўлы экономикалық зона шөлкемлестирилген. Оларға әпиўайыласқан тәртипте жер ажыратылатуғыны, салықтан жеңилликлер белгиленген. Бирақ бул имканияттан толық пайдаланылмай атыр. Мәселен, республика бойынша бундай аймақлардың таяр инфраструктурасына ийе 800 гектар майданы бос тур.

Сол себепли экономикалық зоналарды раўажландырыў бойынша жаңа тәжирийбе әмелге асырылатуғыны белгиленди. Атап айтқанда, Бухара, Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы арнаўлы санаат зоналарының 240 гектар майданы сырт елли компанияларға аутсорсинг тийкарында басқарыўға бериледи.

Усы жылы арнаўлы экономикалық аймақларда 309 ири жойбарды әмелге асырып, 40 мың жумыс орнын жаратыў мүмкин екени атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы локализациялаў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Министрлер Кабинетине аймақларда азық-аўқат санаатын раўажландырыў бағдарламасын қабыл етиў ўазыйпасы қойылды. Соның ишинде, талап жоқары болған 25 түрдеги азық-аўқат кәрханаларында халықаралық стандартларды енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Бундай имканиятлар былғары санаатында да бар. Мәселен, халқымызда автомобиль орынлықларының қаплары, спорт буйымлары, аяқ-кийим ҳәм ҳаял-қызлар сумкасына талап көп. Соннан келип шығып, тармақ басшыларына аймақларда жойбарларды қәлиплестириў тапсырылды.

Локализациялаў тек ғана товарлар емес, хызметлерде де болыўы керек. Атап айтқанда, кейинги бес жылда энергетика, нефть-газ ҳәм металлургия тараўларында үлкен заводлар иске қосылды. Бундай комплекслердеги жоқары технологиялық үскенелерди эксплуатациялаў ҳәм оңлаў бойынша маман хызметлерге талап жылдан-жылға артып бармақта.

Соны есапқа алып, Министрлер Кабинетине ири кәрханаларға сервис хызметин көрсетиўде жергиликли кәрханалардың қатнасыўын кеңейтиў бойынша ўазыйпа қойылды.

– Ҳәр бир басшы пидәкер болып, ўатаны ҳәм халқын сүйип, системасы менен бирге өз ўазыйпаларын ҳүжданлы түрде пенен орынласа, биз қойып атырған шеклерге әлбетте, ериссе болады, – деди Президент.

Мәжилис жуўмағында инвестиция комплексиниң басшылары, министрлер ҳәм ҳәкимлер усы жылдағы режелери бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА