Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 2024-жылы инвестиция, экспорт ҳәм халықаралық бирге ислесиў тараўларында әмелге асырылыўы керек болған әҳмийетли ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Мәмлекетимиз басшысы экспорт тараўындағы жумыслардыӊ жағдайын таллады. Комплекс басшылығы ҳәм ҳәкимлердиӊ 2024-жыл ушын экспорт режеси жетерли емес екени атап өтилди.
–Экономикамызды жаӊа басқышқа алып шығыў ушын, экспортты жылына кеминде 30 процентке арттырып барыўымыз зәрүр, – деди Президент.
Бирақ, өткен жылы 2 драйвер тармақ ҳәм 4 аймақта 2022-жылға салыстырғанда экспорт көлемлери азайды. Сондай-ақ, 10 район ҳәм қалада экспорт алдынғы жылдағы көрсеткиштиӊ ярымына да жетпеди.
Усы мүнәсибет пенен Бас министрге Әндижан, Бухара, Қашқадәрья, Наўайы ўәлаятлары ҳәкиминиӊ инвестиция бойынша орынбасарлары ҳәм 10 район ҳәм қала ҳәкимине интизамий шара көриў тапсырылды.
Мийўе ҳәм палыз өними экспорты ушын сырт еллердиӊ фитосанитар рухсатлары алынғанына қарамастан, олардан толық пайдаланылмай атыр. Мысалы, Японияға 58 түрдеги мийўе ҳәм палыз өнимине фитосанитар рухсат алынғаны менен, 52 түри бойынша, Ҳиндистанға 38 ден 32си, Пакистанға 22 ден 18 и, АҚШқа 15 тен 11 и бойынша экспорт болмады.
Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги ҳәм ҳәкимлердиӊ инвестиция бойынша орынбасарлары арасында өнимлердиӊ экспортын шөлкемлестириў бойынша бирге ислесиў жоқ екени сынға алынды. Ендигиден былай агентлик фитосанитар рухсат алыў ушын ғана емес, ал аўыл хожалығы экспортын шөлкемлестириў ушын да жуўапкер болады. Буныӊ ушын карантин системасы, жумыс усылы ҳәм көзқараслар толық өзгереди.
ӨзА