Президент Шавкат Мирзиёев сырт елли туристлер ағымын арттырыў ҳәм ишки туризмди жеделлестириўге байланыслы презентация менен танысты.
Елимизде тарийхый, мәдений ҳәм сулыў жерлер көп. Оларда шараят шаратылса, саяхатшыларды және де көбирек ҳәм жыл даўамында тартыў мүмкин. Усы мақсетте, Президентимиздиӊ тапсырмасына тийкарланып, туризм имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша илажлар көрип шығылды.
Оған бола, саяхатшылық потенциалы жоқары болған 12 район ҳәм қалада туризм орайларын шөлкемлестириў нәзерде тутылмақта. Бундай орайларда күни-түни ислейтуғын ресторан, кафе, саламатландырыў ҳәм бассейн хызметлери болады.
“Замин”, “Чимён” ҳәм “Амирсай” сыяқлы курорт зоналары ҳәм кеўил ашар комплекслерде халықаралық брендлер, миллий жипек гезлемелери, сувенир, зергерлик өнимлери ҳәм алтын қуймалар дүканлары шөлкемлестириледи. Оныӊ ушын, 2027-жыл 1-январьға шекем туризм орайларындағы исбилерменлердиӊ жер ҳәм мүлк салығын белгиленген муғдардан 90 процентке азайтыў, 2026-жыл 1-мартқа шекем зергерлик ҳәм алтын өнимлери ушын керек болатуғын әсбап-үскенелер ҳәм технологияларды бажыхана бажысынан азат етиў усыныс етилмекте.
Сондай-ақ, усы жылдан баслап, “Өзбекстанда және бир күн саяхат” бағдарламасы әмелге асырылады. Оған бола, ўәлаятлараралық туризм объектлерин өз-ара байланыстырыўшы “республика туризм шеӊберлери” ҳәм район және қалалар арасында “аймақлық туризм шеӊберлери” шөлкемлестириледи. Туризм комитети тәрепинен Туристлик бағдарлардыӊ бирден-бир реестри жүргизиледи.
“Төрт мәўсимниӊ ҳәр биринде саяхат” бағдарламасы әмелге асырылады. Мысалы, бәҳәр ҳәм гүз мәўсимлеринде экологиялық, экстремал, медициналық ҳәм саламатландырыў, жазда суў бассейнлери ҳәм дем алыў алыў орайлары, қыста экстремал туризм ҳәм таў-шаӊғы зоналарыныӊ имканиятлары үгит-нәсиятланады. Бул туризм мәўсимлериниӊ ашылыўы ушын фестивальлар шөлкемлестириледи.
Ҳәр еки жылда май айында сыйлық қоры 2 миллион доллар болған Халықаралық “Өзбекстан жипек гезлемелери” мода ҳәптелиги өткериледи.
Мәмлекетимиздиӊ туризм потенциалын сырт еллерде үгит-нәсиятлаў ушын Туризм комитетиниӊ “туризм ўәкиллери” институты енгизиледи.
Сондай-ақ, өнерментлерди қоллап-қуўатлаў, медицина туризмин раўажландырыў, туризм билимлендириўине халықаралық тәжирийбени енгизиў илажлары көриледи.
Аймақларда кемпинг, отаў, экожай ҳәм хостеллер, мийманханаларда бассейн қурыў ушын жеӊилликли кредитлер ажыратылады. Тараўдағы исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде мийманхана ҳәм саўда комплекслери, бассейн ҳәм аквапарклер ушын әсбап-үскенелер 2 жылға бажыхана бажыларын төлеўден азат етиледи.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынсыларды мақуллап, экотуризмди және де кеӊнен раўажландырыў, майыплығы болған шахслардыӊ саяхаты ушын да зәрүр шараятлар жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
ӨзА