Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында 16-январь күни 2024-жылы макроэкономикалық турақлылық ҳәм экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды додалаўға арналған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
2023-жылы мәмлекетимизде экономикалық өсиў 6 процентти қурады. Атап айтқанда, санаат 6, хызмет көрсетиў 6,8, қурылыс 6,4, аўыл хожалығы 4,1 процентке өскен.
Быйыл жалпы ишки өнимниӊ көлемин кеминде 6 процентке көбейтип, 100 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. Мәжилисте усы бағдардағы ўазыйпалар, зәрүрли илажлар додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы оныӊ ушын, бәринен бурын, еӊ үлкен реформатор болған экономикалық комплекс хызметкерлери оғада қатты ислеўи керек екенин атап өтти.
Мысалы, улыўмалық санаат көлеми өскени менен, өндиристе қосымша қун 40 проценттен артпай атыр. Булар тийкарынан импортқа бағынышлылық, энергиядан пайдаланыўдыӊ жоқарылығы ҳәм артықша қәрежетлердиӊ көплиги себепли болмақта.
Соныӊ ушын экономикалық комплекс басшылары ҳәм барлық мәмлекетлик кәрханалар ушын “2024-жыл – өзине түсер баҳаны қысқартыў ҳәм нәтийжелилик жылы” болыўы керек екени атап өтилди. Сатып алыўлар ҳәм логистиканы оптималластырыў, энергия ресурсларын үнемлеў ҳәм санластырыў арқалы қанша қәрежетти азайтыў мүмкин екени тармақлар кесиминде көрсетип өтилди.
Усы жылы ири тармақларда қосымша қунды 45 проценттен арттырыў, өзине түсер баҳаны 15 процентке азайтыў, жәми санаатта 7 процент өсиўди тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Соныӊ менен бирге, экономикалық комплекстеги басшылардыӊ жумысын айлық, шереклик ҳәм жыллық нәтийжелилик көрсеткишлери (KPI) менен байланыстырыў, орынбасарлардыӊ санын көрип шығыў усынысы алға қойылды.
Мәжилисте финанслық әдеп-икрамлылық мәселесине айрықша тоқтап өтилди.
Өткен жылы айырым мәмлекетлик кәрханалар тәрепинен дивиденд ҳәм салық төлемлери бойынша бюджетке 8 триллион сум түсим тәмийинленбеген. Сырдәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларында салық түсимлери 20 процент өскен болса, Хорезм, Бухара ҳәм Қашқадәрьяда бул көрсеткиш 7 процентке де жетпеген.
Бундай жағдайлар аймақлық салық бөлимлериниӊ баслықлары ҳәм орынбасарлары, мәҳәлледеги салықшылардыӊ жумысыныӊ төмен дәрежеде екенин көрсетеди. Соныӊ ушын бул система қайта көрип шығылып, жаӊа бағдарлар белгиленди.
Биринши бағдар – 40 мыӊ бюджет шөлкеми менен ислесиў ўазыйпасы районлардан Салық комитетинде жаӊадан шөлкемлестирилетуғын Районлараралық бюджет шөлкемлери инспекциясына өткериледи. Бул инспекция толық санласқан болады ҳәм Ғазнашылық электрон системасына интеграцияланады.
Екинши бағдар – Комитетте салық қарызын өндириў бойынша да районлараралық инспекция шөлкемлестириледи. Оған Мәжбүрий орынлаў бюросында бар ўәкилликлер бериледи. Соныӊ есабынан, районлардағы қосымша 200 салықшыны мәҳәлле кесиминде ислесиўге өткериў имканияты болады.
Үшинши бағдар – республикадағы салық түсиминиӊ 50 процентин беретуғын 80 еӊ ири кәрхана ҳәм 35 коммерциялық банк пенен ислейтуғын айрықша система болады. Оныӊ ушын Ири салық төлеўшилер бойынша инспекция қурамында жаӊа структура шөлкемлестирилип, Экономика ҳәм қаржы министрлиги менен тиккелей ислейди.
Экономика ҳәм қаржы министрлигине салықлар түсимин өз ўақтында тәмийинлеў, кәрханалардыӊ қәрежети тийкарсыз өсиўиниӊ алдын алыў бойынша ўазыйпалар қойылды.
Бажыхана тараўына тоқтап өтип, өткен жылы импорт болған товарларға шама менен 60 триллион сумлық жеӊиллик қолланылғаны, бирақ, олардыӊ нәтийжелилиги бойынша жетерли таллаўдыӊ жоқлығы атап өтилди. Соныӊ ушын жеӊиллик пенен кирген товарларды бирме-бир үйренип шығыўға көрсетпе берилди.
Бюджет түсими ушын және үлкен резервлер бул – меншиклестириў ҳәм жерлерди аукцион арқалы сатыў. Бирақ, меншиклестириў бағдарламасына киргизилген 484 мәмлекетлик актив саўдаға шығарылмай турыпты.
Мысалы, саўдаға қойылған онлаған дән кәрханалары сатылмай турыпты. Себеби, олардыӊ баҳасын белгилеўде кемшиликлер бар.
Министрлер Кабинетине бул бағдардағы қалақлықларды сапластырыў, усы жылы 20 триллион сум түсимди тәмийинлейтуғын жаӊа меншиклестириў бағдарламасын таярлаў тапсырылды.
Өткен жылы жерлерди аукцион арқалы сатыўдан 1 триллион сум түсим болған, 12 мыӊ жаӊа жойбар қосылған. Бундай имканиятларды кеӊейтиў мақсетинде жыл жуўмағына шекем 70, келеси жылы барлық районлардыӊ мастер режелерин ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Бүгинги күндеги еӊ әҳмийетли мәселе бул – жасырын экономика. Таллаўлар соны көрсетеди, хызметлер, қурылыс, санаат тараўларында үлкен муғдардағы айланыс “көлеӊке”де қалмақта.
Мәмлекетимиз басшысы жасырын экономика әдалатлы бәсекиге, ҳадал исбилерменлердиӊ жумысына тосқынлық етип атырғанын айтып, қосымша илажларды көрсетип өтти.
Ҳәзирги күнде жасырын экономика ҳәм экономикалық жынаятшылыққа қарсы гүресиў менен 14 уйым дара-дара ҳалда шуғылланбақта. Бул жумысларды муўапықластырыў ҳәм күшейтиў мақсетинде Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниӊ ўәкилликлери кеӊейтиледи. Бул департамент еӊ заманагөй қураллар ҳәм жетик қәнигелер менен тәмийинленип, оныӊ жанында илимий-таллаў ҳәм оқыў орайы ашылады. Соныӊ менен бирге, Бас прокуратурада да жасырын экономика бойынша айрықша басқарма ҳәм оныӊ аймақлық бөлимлери шөлкемлестириледи.
Мәжилисте бюджет қәрежетлериниӊ нәтийжелилиги мәселеси де көрип шығылды.
Өткен жылы бюджеттен 1,2 триллион сумлық нызамсыз қәрежет ҳәм 200 миллиард сумлық кемислик ҳәм урлықларға жол қойылғаны анықланған. Денсаўлықты сақлаў, аўыл хожалығы тараўларындағы бағдарламаларға ажыратылған қаржылар толық жумсалмаған. Сондай-ақ, негизинде ислемейтуғын хызметкер яки орынланбаған жумыс ушын ҳақы жазыў, тийкарсыз ссуда яки сыйлық пуллары алыў сыяқлы жағдайлар көбейген.
Бул бағдарда Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Мәмлекетлик финанс қадағалаўы инспекциясы жумысы қанаатландырмайтуғын дәрежеде екени көрсетип өтилди. Соныӊ ушын бул инспекция Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине өткерилетуғыны белгиленди.
Быйыл бюджетте нәзерде тутылған 313 триллион сумлық қәрежеттиӊ дурыс жумсалыўын қадағалаў ўазыйпасы қойылды.
Инфляцияны кемейтиў мәселеси де әҳмийетли. Көрилген илажлар нәтийжесинде өткен жылы инфляция 9 проценттен артпады.
Өнимлердиӊ инфляциясын азық-аўқатты көбейтиў арқалы жылаўлаў мүмкин екенин атап өтип, бул бойынша аўыл хожалығы министри ҳәм ҳәкимлерге көрсетпелер берилди.
Улыўма, усы жылы да инфляцияны 9 проценттен түсириў илажлары додаланды.
Банк системасыныӊ турақлылығын тәмийинлеў, экономикаға кредитлер бағдарлаў мәселесине де тоқталып өтилди. Базар механизмлери тийкарында кредит ставкаларын кеминде 2-3 прпоцентке түсириў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.
Мәжилисте халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Бул бойынша жақында қабыл етилген бағдарламаны нәтийжели әмелге асырыўдыӊ әҳмийетли екени атап өтилди.
Бәнтлик системасына киретуғын кәсипке таярлаў шөлкемлери ҳәм сыртқы мийнет миграциясындағы жумыслар талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди. Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигине усы сыяқлы кемшиликлерди сапластырып, халықты кәсипке оқытыў ҳәм жумыс орынларын жаратыў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.
Мәжилис жуўмағында экономикалық комсплекс басышылары, министрлер ҳәм ҳәкимлер усы жылғы режелери бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА