Мәжилисте бәнтлик системасына киретуғын кәсипке таярлаў шөлкемлериниӊ жумысы да талап дәрежесинде емеслиги атап өтилди.

Мысалы, ҳәзирги күнде сырт елде ислеп атырған ўатанласларымыздыӊ көпшилиги әпиўайы ҳәм аўыр, аз мийнет ҳақы төленетуғын мийнет пенен шуғылланбақта.

Европа, Азияныӊ раўажланған мәмлекетлери менен оғада үлкен келисимлер шеӊберинде 150 мыӊ жумысшыға буйыртпа берилген болса-да, тек ғана 9 мыӊ жумысшы жиберилди.

Усы мүнәсибет пенен сыртқы мийнет миграциясы системасындағы жумысларды зәрүр дәрежеде шөлкемлемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықты кәсипке оқытыў бойынша кемшиликлерди сапластырып, 100 мыӊ жумысшыға кәсип-өнер ҳәм тил үйретип, шөлкемлескен ҳалда сыр ел кәрханаларына жумысқа жибериў ўазыйпасы қойылды.

Ҳәзирге ўақытта мәжилисте экономикалық комплекс ҳәм аймақлар басшыларыныӊ мәлимлемеси тыӊланбақта.

ӨзА