Президент Шавкат Мирзиёев 9-январь күни саўда ҳәм хызметлерди раўажландырыў, туризм ҳәм мәденият орынларын қурыўға байланыслы презентация менен танысты.
Бул ҳаққында өткен жылы 18-декабрьде болған видеоселектор мәжилисинде тапсырмалар берилген еди. Атап айтқанда, мәмлекетимизде туризм потенциалы үлкен екени, оны нәтийжели иске қосып, туризм орынларын ҳәм мийман ханаларын көбейтиў керек екени атап өтилген еди.
Презентацияда усыған муўапық таярланған жойбарлар көрип шығылды.
Қашқадәрья ўәлаятыныӊ Шаҳрисабз, Ташкент ўәлаятыныӊ Паркент районыныӊ таўлары оғада сулыў. Әсиресе, бәҳәр-жаз мәўсиминде саяхатшылар менен толы. Бул бойынша шараятларды кеӊейтиў мақсетинде Шаҳрисабздағы Мираки, Паркенттиӊ Нурабад ҳәм Кумушкән аймақларында заманагөй дем алыў орынларын қурыў нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, Қашқадәрьядағы Майданак таў орынында жеӊил конструкциялы хостелллер қурыў, бар имаратларды саўда ҳәм хызметлерге қайта қәнигелестириў, аймақты абаданластырыў мөлшерленген.
Туристлер баратуғын орынлардан бири бул – базар. Бирақ, бүгинги күнде айырым базарларымыз туристлер ушын өзине тартымлы емес, оларда миллий колорит жетиспейди.
Соныӊ ушын мәмлекетимиз басшысы миллий мәдениятымызды сәўлелендирген базар комплекслериниӊ жойбарын ислеп шығыў ўазыйпасын қойған еди. Презентацияда тарийхый қалаларымыздағы базарларды туристлер ушын тартымлы орынға айландырыў бойынша дәслепки жойбарлар көрсетилди.
– Базарларымыздыӊ өзине тән тәреплерин сақлап қалған ҳалда оларды мәмлекетимиздиӊ “мирәтнама қағазы”на айландырыў керек. Азық-аўқат, кийим-кеншек, зергерлик дүканлары, асханалар, кеўил ашар орынлар үйлесикли болыўы, қарыйдарлар ҳәм туристлерди өзине тартыўы зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.
Бул бойынша Түркия ҳәм араб мәмлекетлери тәжирийбесин үйрениў, жойбарластырыўға сырт елли қәнигелерди усыныс етиўдиӊ әҳмийетлилиги айтып өтилди.
Презентацияда Ташкент, Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа сыяқлы туризм орайларында қурылыўы режелестирилип атырған базарлар ҳаққында да мәмлимлеме берилди. Мәмлекетимиз басшысы оларда да аймақлық колоритти сәўлелендириў, туристлер ушын кеӊирек шараят жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Президентимиз Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилисинде Ташкент мәмлекетлик цирки жумысын жақсылаў мәселесине тоқтап өткен еди. Бүгинги презентацияда усы мәденият орнын оӊлаў, тараў ушын кадрлар таярлаўда билимлендириў ҳәм әмелиятты үйлестириў мақсетинде 300 орынлық оқыў имаратын қурыў режелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды жетилистириў ҳәм сапалы қурыў бойынша қосымша көрсетпелер берди.
ӨзА