Президентимиздиӊ 2021-жыл 9-август күнги “ Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы қарары бундай балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин буннан былай да жетилистириўдиӊ ҳуқықый тийкарын белгилеп берди.
Усы қарардыӊ орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республика бюджетинен 825 миллион сум қаржы ажыратылып, Нөкис қаласында дизимде турған, турақ жайға мүтәж 6 жасқа барлық қолайлықларға ийе жаңа турақ жайлар алып берилди. Буннан тысқары, “Меҳир дәптери” қоры есабынан қаржы ажыратылып, қосымша 2 жасты турақ жай менен тәмийинлеў илажлары көрилмекте.
Жаңа жыл байрамы қарсаңында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев 6 жасқа жаңа турақ жайлардың гилтлерин тапсырды. Байрам алдынан жаңа турақ жайлардың тапсырылыўы аўыр турмыс машақатларын жеңип өтип, өмирдиң сынаўлы ғалма-ғалы менен жасап атырған жаслар ушын ҳақыйқый байрам саўғасы болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги