Бурын хабар бергенимиздей, Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар спорт мектебинде Кураш бойынша үлкенлер (ерлер ҳәм ҳаял-қызлар) арасындағы Өзбекстан кубоги жарысы болып өтти.

Еки күн даўам еткен жарысқа республикамыздан, Ташкент қаласынан ҳәм ўәлаятлардан 500 ден зыят палўан қатнасты.





Жарыстың соӊғы күнинде командалық беллесиўлер болып өтти. Онда биринши орынды Ташкент қаласы, екинши орынды Самарқанд ўәлаяты, үшинши орынды Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Сырдәрья ўәлаяты командалары ийеледи.

Жеке беллесиўлерде 4 алтын, 1 гүмис ҳәм 9 қола медалына ийе болған Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы биринши орынды қолға киргизди. Өз салмақ категорияларында Шухрат Қылышбаев, Эргаш Айтбаев, Азада Медетбаева, Шахсанем Аманиязова, Сабрина Узақбаева, Лариса Төрежанова, Манзура Сейтмуратова, Тумарис Ҳабипова, Камила Турымбетовалар үшинши, Бахрам Сайтов екинши, Захиратдин Зайтов, Гүлзабийра Тилеўимбетова,  Үмида Жуманиязова ҳәм Асал Жалғасбаевалар биринши орынларды ийеледи.

Кураш бойынша республикамызда биринши мәрте өткерилген Өзбекстан кубоги жарысыныӊ жеӊимпазлары менен сыйлы орын ийелерине шөлкемлестириўшилер тәрепинен кубок, диплом, медаль ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.





Қарақалпақстан хабар агентлиги