Ҳүрметли салтанатлы мәресим қатнасыўшылары!
Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди усындай қутлы күнлерде, Жаңа жыл алдынан Жаңа Өзбекстан турмысындағы үлкен тарийхый ўақыя – «жасыл» энергетика тараўындағы ири биргеликтеги жойбарларды иске қосыўға бағышланған салтанатлы мәресимде көрип турғанымнан қуўанышлыман.
Биз буннан бес жыл бурын қайта тиклениўши энергия дәреклерин көбейтиў бойынша алдымызға оғада үлкен мақсет ҳәм ўазыйпаларды қойып, әмелий жумысларды баслағанымыздан жақсы хабардарсыз.
Биз тараўды реформалаўды, биринши гезекте, Жәҳән банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Азия инфраструктуралық инвестициялар банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң жетекши экспертлери менен мәсләҳәтлесиўден басладық.
Бир қатар нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳәм жаңа қарарларды қабыл етиў арқалы энергетика тармағында базар принциплерине тийкарланған беккем нызамшылық базасын жараттық. Тараўда ҳәкимшилик-буйрықпазлық механизмлери ҳәм монополиядан ўаз кешип, заманагөй басқарылатуғын ашық-айдын системаға өттик. Жеке меншик сектор ҳәм сырт ел компанияларының кирип келиўи ушын қолайлы имканиятлар жараттық.
Энергетика министрлиги, сондай-ақ, ҳәр бир айрықша бағдар бойынша жуўапкер болған жаңа шөлкемлер дүзилди.
Халықаралық кеңесгөй ҳәм консалтинг компанияларын жаллап, еки жыл даўамында мәмлекетимизде қуяш, самал ҳәм гидроэнергетиканы раўажландырыў имканиятларын пуқта үйрендик ҳәм ең нәтийжели аймақлар картасын дүздик.
Нәтийжеде сырт ел инвесторларының елимизге болған қызығыўшылығы ҳәм исеними кескин артты.
Биринши рет 100 процент тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан Кармана ҳәм Нурабад районларында 2 қуяш станциясы иске қосылып, усы күнге шекем 1 миллиард киловатт саат «жасыл» электр энергиясы ислеп шығарылды.
Бүгин болса мәмлекетимиз тарийхында және бир жарқын бет ашатуғын әҳмийетли ҳәдийсе – улыўма қуўатлылығы еки мың төрт жүз мегаватт болған алты ири қуяш ҳәм самал станциялары тармаққа жалғанбақта. Соның ишинде, Өзбекстанның жақын досты ҳәм кең көлемли шериги болған Бирлескен Араб Әмирликлериниң «Masdar» компаниясы тәрепинен Жиззақ, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында үш қуяш электр станциясының биринши басқышы қурылды.
Буннан тысқары, бул абырайлы компания тәрепинен Тамды районында қурылып атырған заманагөй самал станциясының 100 мегаватты иске қосылмақта. «Gezhouba» компаниясы менен болса Бухара ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларындағы қуяш станцияларының дәслепки 400 мегаваттлы генерациясы басланды.
Ең итибарлы тәрепи – бул барлық жойбарлар мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында, тиккелей сырт ел инвестициялары есабынан әмелге асырылды.
Улыўма баҳасы 2 миллиард долларлық усы жойбарлар есабынан жылына 6 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарылып, еки миллиард куб метр тәбийғый газ үнемленеди. 2 миллион шаңарақ үзликсиз ҳәм кепилликли энергия менен тәмийинленеди. Санаат ҳәм хызметлер тараўында 4 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратылады.
Бизиң стратегиялық шеригимиз ҳәм ири саўда шеригимиз болған Қытай қатнасыўындағы жойбарлар бурын тәжирийбеде бақланбаған оғада қысқа мүддетте – 9 ай ишинде иске қосылғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен.
Дүнья жүзинде өндирис шынжыры ҳәм логистикаға байланыслы барлық машқалалар қаншелли қыйын екенине қарамастан, биз бул бағдарда «Goldwind», «Sungrow», «Jolywood», «Longi» сыяқлы компаниялар менен нәтийжели жумыс алып бардық.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги илажымызда қатнасып атырған «Masdar» компаниясының баслығы Муҳаммад ал Рамаҳий мырзаға, «China Energy» вице-президенти мырза Ву Юньға, «Gezhouba» компаниясының баслығы мырза Линь Сяоданьға, қурылыс жумысларында белсене қатнасқан «Dongfang», «Смэк», «SEPCO» ҳәм басқа да компаниялардың басшыларына, абырайлы халықаралық банк-қаржы институтларына, бул жойбарларды әмелге асырыўға мүнәсип үлес қосқан барлық сырт ел ҳәм жергиликли қәнигелерге, қурылысшы-инженерлерге пүткил халқымыздың атынан қызғын миннетдаршылық билдиремен.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Биз не ушын «жасыл» энергетиканың раўажланыўына буншелли шекем үлкен хошамет ҳәм итибар қаратып атырмыз. Себеби, биз, бәринен бурын, 2030-жылға келип санаат көлемин еки есеге арттырыўды, металлургия, нефть-химия ҳәм машина қурылысы сыяқлы тараўларды сапа жағынан пүткиллей жаңа дәрежеге көтериўди өз алдымызға мақсет етип қойғанбыз. Улыўма баҳасы 150 миллиард долларлық 500 ден аслам ири санаат ҳәм инфраструктура жойбарларын әмелге асырыўды гөзлеп атырмыз.
Бул уллы нийетлеримизге ерисиў ушын бизге кепилликли ҳәм турақлы энергия ресурслары суў менен ҳаўадай зәрүр. Есап-санақларымызға бола, келеси алты жылда мәмлекетимизде электр энергиясына болған талап ҳәзирги 83 миллиардтан 120 миллиард киловатт саатқа өсиўи күтилмекте. Буны, биринши гезекте, қайта тикленетуғын энергия есабынан қаплаймыз.
Екиншиден, биз глобаллық машқалаға айланған климат өзгериўиниң унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша тынымсыз изленип атырмыз. Халықаралық саммитлерде әҳмийетли усыныслар ҳәм басламаларды жедел алға қойып атырмыз. Жақында Дубайда Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Климат өзгериўи бойынша конференциясы шеңберинде дүнья мәмлекетлери «жасыл» генерацияны үш есеге арттырыўға келисип алды.
Өзбекстан бул басламаны толық қоллап-қуўатлайды ҳәм 2030-жылға шекем «жасыл» энергетика дәреклерин 27 гигаваттқа жеткериў ушын жедел инвестиция сиясатын избе-из даўам еттиреди.
Үшиншиден, мәмлекетимизде «жасыл» энергетика бойынша оғада үлкен потенциал бар. Жаратқанның өзи берген бул уллы имканияттан үнемли пайдаланып, оны халқымыздың мәплерине қаратыўымыз зәрүр.
Тараўды хошаметлеў мақсетинде қуяш панеллерин орнатыўға жеңиллетилген кредит ҳәм субсидиялар ажыратыў, ислеп шығарылған электр энергиясын кепилликли сатып алыў бойынша «Қуяшлы шаңарақ» системасын жолға қойдық. Усы жылдың өзинде елимизде 50 мың шаңарақ ҳәм исбилерменлер тәрепинен қуяш панеллери орнатылды. Мәмлекетимизде 7 миллионнан аслам турақ жайлардың бар екенин есапқа алсақ, бул инвесторлар ушын үлкен базар жарататуғынын айрықша атап өтпекшимен.
Төртиншиден, ҳәзирги күнде глобаллық көлемде «жасыл» энергиядан ислеп шығарылған өнимлерге айрықша үстинлик берилмекте. «Жасыл энергия» сертификаты кеңнен енгизилмекте.
Өзбекстан келешекте анық реже ҳәм исенимли ҳәрекетлер арқалы «жасыл» энергияны Азия ҳәм Европа мәмлекетлери базарына да жеткерип бериў бойынша дәслепки қәдемлерди тасламақта.
Бесиншиден, бул тараў санааттың басқа да тармақларын ҳәм сервисти раўажландырыўға оғада үлкен унамлы түртки береди. Бүгинги жойбарлар шеңберинде 100 миллион доллар муғдарында электр үскенелери ҳәм қурылыс материаллары жергиликли кәрханалар тәрепинен жеткерип берилгени де бул пикиримиздиң айқын көриниси болып есапланады.
Ҳәзирги ўақытта елимизде төрт кәрхана қуяш панеллери, және еки кәрхана металл конструкциялар ислеп шығарыўды баслады. «Жасыл» энергия тараўындағы елиўге шамалас жойбарлар болса қосымша 500 миллион доллар муғдарында кабель базарын жаратпақта.
Биз сырт елли шериклеримизди аўысық ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарыўда жергиликли кәрханалар менен тығыз кооперация байланысларын және де күшейтиўге шақырамыз.
Ҳүрметли дослар!
Биз бүгин әмелге асырып атырған үлкен жумыслар тармақта баслаған үлкен реформаларымыздың және бир айқын әмелий нәтийжеси болып есапланады. Бул илажларды избе-из даўам еттирип, бәсекиге шыдамлы базар механизмлерине басқышпа-басқыш өтип барамыз. Атап айтқанда, бул жолда жақында энергетика базары регуляторын шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли қарарды қабыл еттик.
Ҳәзирги ўақытта елимизде 9 гигаваттлы 22 қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў жойбарлары үстинде жедел ислеп атырмыз. Соның менен бирге, жаңа генерация қуўатлылықларын жеткериў ушын инфраструктураны және де жақсылаўға айрықша итибар берип атырмыз.
Келеси бес жылда жәми 70 мың километр төмен күшлениўдеги электр тармақлары, 22 мың дана трансформатор, 100 ден аслам подстанциялар толық жаңаланады. Сондай-ақ, 10 мың километр жоқары күшлениўге ийе жаңа магистраль тармақлар қурылады.
Сизлер менен келешекте жаңа басламаларды анық жойбарларға айландырыў жолындағы нәтийжели бирге ислесиўимизди және де кеңейтип баратуғынымыз сөзсиз. Биз ушын тийкарғы болған бундай жойбарларды әмелге асырыў ушын сырт елли инвесторларға барлық шараят ҳәм зәрүр жеңилликлерди жаратып беремиз.
Пурсаттан пайдаланып, бәршеңизди кирип киятырған 2024-жыл менен қызғын қутлықлайман.
Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм алып барып атырған абырайлы жумысларыңызда үлкен әўметлер тилеймен.
Жаңа жылымыз да мине усындай қуўанышлы ҳәм пайызлы мәўритлерге бай болсын!
Итибарыңыз ушын рахмет!