Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-декабрь күни мәмлекетимиздиӊ алты аймағында 5 қуяш, 1 самал электр станцияларын иске түсириў ҳәм тармаққа жалғаўға бағышланған салтанатлы мәресимде қатнасты.

 Илажда усы әҳмийетли инвестициялық жойбарлардыӊ бирге ислесиўшиси болған “Masdar” компаниясыныӊ бас атқарыўшы директоры Муҳаммад ал Рамаҳий, “China Energy Engineering Corporation” компаниясыныӊ вице-президенти Ву Юнь, “China Energy International Group” компаниясыныӊ басқарыўшы баслығы Лю Цзэсян, “China Gezhouba Group” компаниясыныӊ басқарыўшы баслығы Линь Сяодань, “SEPCO III”, “Dongfang Electric Corporation”  ҳәм басқада компаниялардыӊ басшылары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысыныӊ атап өткениндей, Өзбекстанда энергетика системасын реформалаў ҳәм турақлылығын арттырыў бойынша кеӊ көлемли бағдарлама әмелге асырылмақта.

Кейинги жылларда тармақта жеке меншик сектор ҳәм жетекши сырт ел компанияларыныӊ жумысына қолайлы шараятлар жаратылды. Олардыӊ қатнасыўында Өзбекстанда қайта тиклениўши энергетика потенциалын кеӊейтиўге қаратылған көплеген жойбарплар нәтийжели әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, дәслепки мәрте 100 процент тиккелей сырт ел инцестициялары есабынан, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында Кармана ҳәм Нурабад районларында улыўмалық қуўатлылығы 200 мегаваттлық қуяш станциялары қурылып, өткен дәўирде олар 1 миллиард киловатт саат “жасыл” электр энергиясын ислеп шығарды.

Дүьяныӊ қырқтан аслам мәмлекетинде “жасыл” энергетика тараўына байланыслы түрли басламаларда қатнасып киятырған Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ “Masdar” компаниясы мәмлекетимизде де ири төрт жойбарды жуўмақлады.

Олардан бири Жиззақ ўәлаятындағы қуўатлылығы 220 мегаваттлы қуяш фотоэлектр станциясы болып табылады. Бул 150 миллион долларлық жойбар ушын Ғәллеарал районынан 560 гектардан аслам жер майданы ажыратылып, 460 мыӊ дана қуяш панельлери орнатылды.

Самарқанд ўәлаятыныӊ Каттақорған районында да тап усы қуўатлылықтағы қуяш фотоэлектр станциясыныӊ жумысы жолға қойылды. Сурхандәрья ўәлаяты Шерабад районындағы усы бағдардағы электр станциясыныӊ қуўатлылығыы салыстырмалы үлкенирек – шама менен 460 мегаватт болды. Бул мәнзилдеги 630 гектардан аслам майданға 900 мыӊ данаға шамалас қуяш панели ҳәм зәрүрли үскенелер жайластырылды.

Қурылыс жойбары жуўмақланған бул үш заманагөй фотоэлектр станциясыныӊ улыўмалық қуўатлылығы 900 мегаватты қурамақта.

Сондай-ақ, усы компания тәрепинен Наўайы ўәлаяты Тамды районында 500 мегаваттлық самал электр станциясыныӊ биринши басқышы қурып питкерилди.

Қытайдыӊ абырайлы “China Gezhouba Group” компаниясы да дүньядағы сексеннен аслам мәмлекетлердеги үлкен-киши жойбарларда белсене қатнасады.

Усы компания Бухара ҳәм Қашқадәрьяда ҳәр бири 350 миллион доллардан болған, улыўмалық қуўатлылығы 1000 мегаваттлық қуяш станцияларыныӊ биринши басқышы қурылысын жуўмақлады.

Жоқарыда келтирилген алты станцияныӊ ҳәр бири ири жойбар есапланады. Негизинде оны иске түсириў көп ўақыт талап етеди. Бирақ, мәмлекетимизде бул тараўға қаратылған айрықша итибар бүгин өз нәтийжесин берди. Жойбарлар шеӊбериндеги қурылыс жумыслары оғада қысқа ўаққытта – 9 айда питкерилгени дыққатқа ылайықлы.

Мәресимде мәмлекетимиз башысы сырт елли бирге ислесиўшилер менен биргеликте усы жаӊа энергетика қуўатлықларын иске түсириў ҳәм тармаққа жалғаўға старт берди.

Бул жойбарларға үлкен әмелий үлес қосқан инвесторлар, инженер ҳәм қурылысшыларға айрықша миннетдаршылық билдирилди.

Улыўмалық көлеми 2 миллиард долларлық бул станциялар толық иске түссе, еки миллион шаӊарақ үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинленеди, 2 миллард куб метр тәбийғый газди үнемлеў, санаат ҳәм хызметлер тараўында 4 миллиард долларлық қосымша қун жаратыў имканияты пайда болады.

Президентимиз өзиниӊ шығып сөйлеўинде бул тараўдағы келешектеги режелерге тоқтап өтти.

– Биз бүгин әмелге асырылып атырған үлкен жумыслар энергетика тармағындағы реформалардыӊ гезектеги қәдеми болып табылады. Бул илажларды системалы даўам етип, бәсекили базар механизмлерине басқышпа-басқыш өтемиз. Ҳәзир мәмлекетимизде 9 гигаваттлы 22 қуяш ҳәм самал электр станциясын қурыў жойбарларыныӊ үстинде ислеп атырмыз. Сырт елли компаниялар менен нәтийжели бирге ислесиўимизди барған сайын кеӊейтип барамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Улыўма, 2030-жылға шекем “жасыл” энергетика дәреклерин 27 гигаваттқа жеткериў режелестирилген. Бул ҳәр жылы 25 миллиард куб метр тәбийғый газди үнемлеў, атмосфераға зыянлы шығындыларды 34 миллион тоннаға қысқартыўға хызмет етеди.


ӨзА