Усы жылдың 26-декабрь күни Нөкисте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ жетинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Олий Мажлис Сенатының ағзалары, сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев ашты ҳәм басқарып барды.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияныӊ күн тәртибиндеги дәслепки мәселе Қарақалпақстан Республикасыныӊ 2024-жылғы бюджети туўралы Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министри Р.Султанов баянат жасады. Келеси жыл ушын Мәмлекетлик бюджет жойбарында Президентимиз тәрепинен белгилеп берилген исбилерменлер ушын қолайлы бизнес орталығын жаратыў, социаллық тараўды раўажландырыў ҳәм социаллық жақтан қорғаўды күшейтиў, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, аймақларды, әсиресе, пуқаралар жыйынларындағы машқалаларды шешиў, суў ҳәм жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў сыяқлы әҳмийетли бағдарлар тийкарында қәлиплестирилди. Қызғын додалаўлардан соӊ бул бойынша тийисли қарар қабыл етилди.



Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасын 2023-жылда социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жуўмақлары ҳәм 2024-жылға белгиленген режелер ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының мүрәжаты туўралы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов баянат жасады.



Атап өтилгениндей, 2023-жылдың жуўмағы бойынша Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўдың тийкарғы макроэкономикалық көрсеткишлерине итибар қарататуғын болсақ, жыл жуўмағында жалпы аймақлық өним көлеми 104,1, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 101,5, аўыл хожалығы өнимлери 103,5, қурылыс жумысларын бөлип алып ислеў 107 ҳәм хызметлер көлеми 111,1 процентке өсиўи күтилмекте.

Соныӊ менен бирге, келеси жылыжалпы ишки өнимниң көлеми 105,6,  санаат 106,1, аймақлық санаат 106, аўыл хожалығы 103,7,  қурылыс жумыслары 108 процентке жеткерилиўи режелестирилген. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда кейинги мәселе «Туризм ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы жойбары туўралы болып, бул бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси комитети баслығыныӊ орынбасары Т.Романов баянат жасады.



Баянатшыныӊ атап өткениндей, бүгинги күнде ҳәрекет етип турған «Туризм ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамы 2000-жылы қабыл етилген болып, соӊғы жыллардағы  раўажланыўлар, экономикалық, социаллық ҳәм басқа да тараўлардағы жаңаланыўлар шараятында туризм тараўындағы ҳуқықый-нормативлик ҳүжжетлерге бир қатар өзгерислердиң киргизилгени себепли әмелдеги нызамды Қарақалпақстан Республикасының басқа да нызамшылық ҳүжжетлерине муўапықластырыў зәрүрлиги пайда болды. Күн тәртибиндеги бул мәселе бойынша да тийисли қарар қабыл етилди.

Буннан кейинги «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының жойбары  туўралы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова баянат жасады. Усынылып атырған Нызам жойбары да мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың даўамы болып табылады ҳәм усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасыныӊ айырым нызамларына өзгерислер киргизилмекте. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.


Күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойыншаҚарақалпақстан Республикасын келеси жылы жумыссызлықтан жырақ аймаққа айландырыў илажлары ҳаққында Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министри С.Турмановтың есабаты тыңланды. Аймақларда жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың дәраматларын арттырыў, усы арқалы кәмбағаллық ҳәм жумыссызлықты азайтыў мақсетинде 2023-жылы жәми 192 мыӊ 987 халықтың бәнтлигин тәмийинлеў белгиленген. Бүгинги күнде бул бағдарда тийисли министрлик, мәкеме, шөлкемлер, ҳәкимликлер тәрепинен әмелий илажлар алып барылыўы нәтийжесинде өткен даўирде жәми 202 мыӊ 774 пуқараныӊ турақлы, мәўсимлик ҳәм легалластырыў есабынан бәнтлиги тәмийинленип, жыллық реже 105 процентке орынланды. Бул бағдарда келеси жылға ўазыйпалар атап өтилди ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.



Буннан кейин ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлерин жақсылаўға қаратылған қосымша илажлар туўралы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Ш. Даўлетияров баянат жасады.



Атап өтилгениндей, соңғы үш жыл даўамында өндирислик мүтәжликлер ушын зәрүр болған жанылғы-майлаў материаллары – 2,1 есеге, зыянсызландырыўшы реагент материаллары – 1,5 есеге, объектлерди қорғаў хызмети – 1,7 есеге, авария хызметлерин сапластырыў ушын жумсалатуғын материаллар – 1,5 есеге ҳәм мийнет ҳақылары 1,2 есеге өсиўи, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 15-сентябрьдеги «Жанылғы-энергетика тараўында базар механизмлерин енгизиўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында»ғы  қарары тийкарында усы жылдың 1-октябрь сәнесинен электр-энергия тарифлери 2 есеге, тәбийғый газ тарифлери 2,3 есеге көбейиўи ишимлик суўының өзине түсер баҳасының және де көтерилиўине алып келди.

Өзбекстан Республикасының «Ишимлик суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды шығарып таслаў ҳаққында»ғы Нызамының 45-статьясына тийкарланып, ишимлик суў ҳәм ақаба суў хызметлериниң тарифлери дәрежесине кескин тәсир ететуғын факторлар анықланған жағдайда оларды кайта көрип шығыў белгиленген. Күн тәртибиндеги мәселеден келип шығып, ишимлик суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлери тарифлерине бир қатар өзгерислер киргизилмекте. Депутатлар бул мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Сессияныӊ күн тәртибинде сондай-ақ Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң айырым комитетлери қурамына өзгерислер киргизиў, Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ жетинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги