Усы жыл 22-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев бир қатар белсенди жаслар менен ушырасты.
Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп соңғы жыллары елимизде Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў, соның ишинде жасларға болған итибар мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланғанын айрықша атап өтти. Президентимиздиң жасларға деген жоқары исеними, айрықша итибары ҳəм аталарша ғамхорлығы нəтийжесинде олар ушын барлық имканиятлар жаратылмақта.
Атап айтқанда, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар нызам, пәрман ҳәм қарарлардыӊ қабыл етилгени, өткен қысқа дәўир ишинде қала ҳәм районларымызда белсенди жас шаңарақлар ушын Жаслар үйлериниң тапсырылғаны, билимли, зийрек ҳәм талантлы жасларымыз ушын заманагөй билимлендириў мəкемелериниң ашылғанын атап өтиўимизге болады. Соның менен бирге, жасларымызға исбилерменлик бағдары бойынша көплеген жеңилликлердиң берилгени, билимлендириў, мәденият, спорт ҳәм басқа да тараўлардағы жасларымыздың материаллық ҳəм руўхый жақтан қоллап-қуўатланыўы, жоқары оқыў орынларында қызлар ушын қосымша квоталардың ажыратылғаны – булардың барлығы ҳүрметли Президентимиздиң жасларға деген ғамхорлығының əмелий көриниси саналады. ϴткен жылларға нәзер таслайтуғын болсақ, жасларымыз турмысында үлкен тарийхый өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз берип атырғанын көплеген мысалларда көриўимиз мүмкин. Ушырасыўдан тийкарғы мақсет – елимизде жаслар сиясаты бойынша алып барылып атырған илажларды жеделлестириў, ҳәр бир жастың пикир-усынысларын, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў болып табылады.
Әлбетте, келешек ийелери ҳәм Үшинши Ренессанс қурыўшылары есапланған жасларға айрықша итибар қаратылып, олар ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылып берилмекте. Ашық пикирлесиў тәризинде болып өткен ушырасыўда жаслар елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет ететуғын бир қатар жаңа идеялары ҳәм басламаларын билдирди
Ушырасыў соңында қала ҳәм районлардағы пуқаралар жыйынларында жаслар менен бирге ислесиўде белсендилик көрсетип киятырған бир қатар жаслар жетекшилери хошаметленди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.