Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Қытайдың Фуцзянь провинциясының “Sichuan Metallurgical Control Group Co., Ltd.” компаниясы ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Президентимиздиң Қарақалпақстанға болған айрықша итибары, пуқаралардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў, регионда исбилерменликти раўажландырыў, инвестиция тартымлылығын арттырыў бағдарында қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар, усы тийкарда жаратылган мүмкиншиликлерге айрықша тоқтап өтти.

Ушырасыў барысында республикамыз аймағында жаңа инвестициялық жойбарларды иске түсириў, бул бағдарда бирге ислесиўди жолға қойыў, Қытай-Өзбекстан, соның ишинде, Қарақалпақстан менен бирге орнатылған байланысларды жаңа жойбарлар арқалы еле де даўам етиў, Қарақалпақстанда таў-кән санаатын раўажландырыў, металл рудаларын қазып алыў, қайта ислеў, өндирис ҳәм басқа да бир қатар жойбарлар ҳаққында сөз етилди. Соныӊ ишинде “Sichuan Metallurgical Control Group Co., Ltd.” тәрепинен Қарақалпақстан Республикасына дәслепки басқышта 35 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў арқалы алтын ҳәм мысты қайта ислеў, таяр өнимлер ислеп шығарыўға шекемги мыс кластерин шөлкемлестириў жойбарын әмелге асырыў бойынша мәселелер талқыланды.

Инвесторлардың республикамыз аймағында ири көлемли жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаӊа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған ҳәр қандай басламасы қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.