Мәмлекетимиз басшысы басшылығында Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилиси даўам етпекте.

Мәмлекетимиз басшысы көплеген сырт еллерде меценатлық ҳәрекети кеӊнен ен жайылғанын атап өтип, бизиӊ турмысымызға да кирип киятырғанын алғыслады.

2017-жылы шөлкемлестирилген 70ке шамалас “Дослар клубы” тәрепинен мәденият мәкемелерине 85 миллиард сум қәўендерлик жәрдем көрсетилген.

Президент мәденият әҳм көркем өнеримиздиӊ садық дослары болған бул шөлкемлерге, олардыӊ мийнет жәмәәтлерине миннетдаршылық билдирди.

Енди бул тәжирийбени турақлы ислейтуғын системаға айландырыўдыӊ зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳәзир мәмлекетимиз басшысы мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери, дөретиўшилер менен сәўбетлеспекте.

ӨзА