Мәмлекетимиз басшысы басшылығында Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилиси даўам етпекте.
Баспа ҳәм полиграфия кәрханаларыныӊ қаржы имканиятлары кеӊейтилиўи, финанслық- техникалық базасы беккемлениўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы мақсетте бул кәрханалар 5 жылға салықлардан азат етиледи. Сондай-ақ, оларға жеӊилликли кредитлер ажыратылады.
Президентимиз аўдармашылықтай жуўапкершиликли мийнетти мүнәсип хошаметлеў ушын уллы шайыр ҳәм аўдармашы Огаҳий атындағы халықаралық сыйлықты шөлкемлестириўди усыныс етти.
Аймақлардағы балалар китапханалары басқышпа-басқыш балаларымыздыӊ сүйикли орнына айландырылыўы атап өтилди.
ӨзА