Мәмлекетимиз басшысы басшылығында Республика Мәнаўият ҳәм ағартыўшылық кеӊесиниӊ мәжилиси даўам етпекте.

– Егер ҳәзир “ Қәне, ақырғы бир айда қайсы театрға бардыӊыз, қандай жаӊа китап оқыдыӊыз? ”, деп сорасам, ойлайман, айырым басшылар уялып қалыўы мүмкин.

Қалаберсе, басшы-жетекшилер социаллық көз қарас, мәдений дәреже бойынша басқаларға үлги болыўы керек,- деди Президент.

Мәкеме ҳәм шөлкемлерде айдыӊ бир күнин “Театр күни” деп жәриялаў усыныс етилди. Хызметкерлердиӊ театрларға барыўын жолға қойыўдыӊ мақсетке муўапықлығы атап өтилди.

Мәденият министрлигине Театр көркем өнерин раўажландырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў ушын киргизиў тапсырылды.

Бағдарламада тарийхый ҳәм заманагөй темалар бойынша еӊ жақсы пьеса ушын дөретиўшилик буйыртпа бериў, драматурглерге 50 миллион сумнан қәлем ҳақы төлеў, дөретиўшилик ҳәм жәрдемши хызметкерлердиӊ раўажланған мәмлекетлердиӊ театрларында маманлық арттырыўын жолға қойыў ҳәм жас режессиёрларды қоллап-қуўатлаў ушын Маннон Уйғур атындағы сыйлықты шөлкемлестириў нәзерде тутылады.

ӨзА