Усы жыл 21-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Ташкент информация технологиялары университети Нөкис филиалы жәмәәти ҳәм жаслары менен ушырасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары билимлендириў тараўын раўажландырыў, тараўға инновациялық технологияларды енгизиў, IТ тараўында әмелге асырылып атырған жумысларды кеңейтиў, усы тийкарда мәмлекетимизди раўажландырыўда барлық тараўларда заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў, санластырыўды кеңнен қолланыў бойынша имканиятлар берилип атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, Президентимиз тәрепинен усыншама имканият берилип атырғанлығына қарамастан республикамызда IТ тараўын раўажландырыў бағдарындағы әмелий жумыслар еле де талап дәрежесинде емес екенлиги тилге алынды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы IТ тараўы бойынша хызметлер ҳәм экспорт көлемин арттырыў, санластырыўды жеделлестириў кереклигин атап өтти. Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен тараўды раўажландырыўға қосымша шараятлар жаратыў бойынша және бир қатар имканиятлар берилмекте. Белгиленген шеклерге ерисиў ҳәм тапсырмаларды орынлаўда сырт еллердиң IТ ҳәм басқа да бағдарлардағы абырайлы компанияларында ислеп атырған қарақалпақстанлы жасларымыздың потенциалынан кең түрде пайдаланыў әҳмийетли ўазыйпалардың бири сыпатында атап өтилди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы оқыў орны тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар менен де танысты. Жаратылған имканиятлардан ақылға уғрас пайдаланып, еле де жаңа идеялар ҳәм халқымыз абаданлығы ушын хызмет етиўши қурамалы жойбарлар үстинде көбирек ислеў ҳәм излениў керек екенлигин атап өтти. Өз гезегинде, бүгинги күнде филиалда жаратылған жойбарлар бойынша жумысларда оқыў орнының потенциалынан келип шығып, бар мүмкиншиликлерден толық пайдаланылмай атырғанлығы, заманагөй билим бериўге итибарды күшейтиў керек екенлиги де айрықша тилге алынды.
Ушырасыў даўамында оқыў орнының профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслары тәрепинен бир қатар усыныслар, жаңа басламалар билдирилди. Билдирилген усыныслар әлбетте қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.