Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 21-декабрь күни Египет Араб Республикасы Президенти Абдулфаттоҳ ас-Сиси менен телефон арқалы сөйлесиўде оны Президентлик сайлаўда ерискен исенимли жеңиси менен қутлықлады.

Сайлаўшылардың жедел қатнасыўы ҳәм даўыс бериў нәтийжелери дос Египет халқы әмелдеги мәмлекет басшысының сиясаты ҳәм реформалар бағдарламасын кеңнен қоллап-қуўатлап атырғанынан дәрек екени атап өтилди.

Өзбекстан – Египет кең көлемли шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.

Усы жылы февраль айында Каирға жоқары дәрежели сапар даўамында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.

Сөйлесиў ҳәм алмасыўлар жедел даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара саўда көлеми артып бармақта. Аўыл хожалығы, геология, суў тәмийнаты, транспорт, логистика, химия санааты ҳәм басқа да тийкарғы тараўларда кооперация жойбарлары басланды.

Еки тәреплеме Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңесиниң гезектеги мәжилислерин өткериў келисип алынды.

Халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша да пикир алысты.

ӨзА