Жаңа жыл байрамы алдынан республикамыздың қала ҳәм районларындағы жәрдемге мүтәж, кем тәмийинленген шаңарақлардың ҳал-жағдайынан хабар алыў ҳәм оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде басланған «Меҳир ҳәрекети» қайырқомлық илажы даўам етпекте.

Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары ҳәм Нөкис қаласы қәнигелери  тәрепинен «Меҳир ҳәрекети» қайырқомлық илажы даўамында жәми 10 хожалықтан  хабар алынып, оларға азық-аўқат өнимлери, қысқы кийим-кеншеклер жеткерилип берилди.

– Қыстың усындай қыйыншылыққа толы аязлы күнлеринде шаңарағымыздан хабар алып жәрдем қолын созғаны ушын басшыларымыздан, кадастр тараўы хызметкерлеринен миннетдаршылығымыз шексиз. Бундай илажлар, жәрдемге мүтәж инсанларға көрсетилип атырған ғамқорлықлар елимиздеги барлық инсанларды усындай саўаплы ислерге баслайды, әлбетте,-дейди Нөкис қаласындағы Елиабат МПЖ турғыны Л.Арзуева.

«Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги илажлар елимиз бойлап даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.