Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў ҳәм энергия генераторларын ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы “State Power Investment Corporation Limited” мәмлекетлик энергетикалық корпорациясының бас директоры Лу Синьжун басшылығындағы делегация ағзалары менен ушырасты.

Илажда “State Power Investment Corporation Limited” мәмлекетлик энергетикалық корпорациясы тәрепинен республикамыз аймағында қуяш ҳәм самал электр станцияларын, сондай-ақ, генераторларын қурыў, бул бағдардағы мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, Қарақалпақстанның қуяшлы тәбияты ҳәм самал турақлы болатуғын аймақларының потенциалынан нәтийжели пайдаланыў, энергия ислеп шығарыўды кеңейтиў, усы тийкарда жаңа жумыс орынларын жаратыў мәселелери сөз етилди.

Делегация ағзалары әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслар бойынша өзлериниң жойбарларын таныстырды. Сондай-ақ, бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў ҳәм кеңейтиў илажлары, жергиликли пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери ҳаққында кең түрде пикирлесилди. Соның менен бирге, бүгинги күнде республикамыз аймағында самал электр станцияларын қурыў бойынша жумыслар басланып, ҳәзирги ўақытта әмелий илажлар даўам етип атырғанлығы атап өтилди.

Ушырасыў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў ҳәм бул бағдардағы илажларды кеңейтиў мәселелери кең түрде талқыланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.