Мәмлекетимиз басшысы усы жыл 22-ноябрь күни “Өзбекнефтьгаз” акционерлик жәмийетинде болғанында перспективалы геология майданларын өзлестириў бойынша ўазыйпалар қойған еди.
18-декабрьде болып өткен мәжилисте тараў ўәкиллери усы ўазыйпалардың орынланыўы, 2024-жылға мөлшерленген геология-излеў ҳәм өндирислик бағдарламасы бойынша мәмлимлеме берди.
Атап өтилгениндей, бул жумыслар еки бағдарда – ҳәм бар кәнлерде газ қазып алыў көлемин сақлап қалыў, ҳәм жаңа резервлерди анықлаў бойынша алып барылмақта. Соңғы жыллары геология- излеў жумыслары 2-3 километрден 4-5 километр тереңликке шекем түсирилди. Буның нәтийжесинде жаңа газ резервлери анықланды, қосымша 4,4 миллиард куб метр газ қазып алынды.
Сондай-ақ, халықаралық консалтинг компаниясы тартылды, көплеген перспективалы қудықларды иске түсириў имканияты табылды.
Буны даўам еттирип, келеси жылы 3,5 мың квадрат километр майданда сейсмикалық жумыслар алып барыў ҳәм жаңа излеў қудықларын қурыў режелестирилген.
Мәжилисте буның ушын сырт ел инвестицияларын тартыў, тармақ кәрханаларын айланыс қаржы менен тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды.
Алдынғы технологияларды алып келип, 6-7 километр тереңликте геологиялық бурғылаўға өтиў мәселелери додаланды.
Энергия дәреклерин избе-из жеткерип бериў, соның менен бирге, аймақлар ҳәм ири кәрханалар кесиминде төлем тәртибин тәмийинлеў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
ӨзА