Усы жыл 17-декабрь күни Қытай Халық Республикасыныӊ туризм тараўында хызмет көрсетиўши “Travel to Central Asia”, “Urumqi Rubber Trade Events” ҳәм “Soluxe Travel” туристлик кәрханаларыныӊ ўәкиллеринен ибарат делегация елимиздиӊ туристлик потенциалы ҳәм тараўдағы жаратылған имканиятлар менен жақыннан танысыў, қытайлылар ушын елимизге саяхатларды шөлкемлестириўди жолға қойыў мақсетинде Қарақалпақстанға келди.
Сапар даўамында мийманлар дәслеп Хожели районыныӊ аймағында жайласқан Мыздақхан тарийхий комплексине барып, ол жерде жайласқан Мазлумхан сулыў мақбарасы, Халифа Ережеп медресеси, Жомарт қассап төбелиги, Шамун Наби мақбарасы киби бир қатар мәдений мийрас объектлери менен танысты.
Күнниӊ екинши ярымында мийманлар Нөкис қаласында жайласқан Қарақалпақстанныӊ тийкарғы туристлик объекти – “Саҳрадағы Лувр” аты менен дүньяға танылған И.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, бийбаҳа экспонатлар коллекциясы бойлап экскурсия шөлкемлестирилди.
Сапардыӊ екинши күнинде делегация ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаевтың қабыллаўы болды.
Онда Қарақалпақстанның инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бағдарында қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтилди. Соның менен бирге, туризм тараўын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, Аралбойы аймағындағы туристлик маршрутлар, Үстирт тегислигиниң әжайып тәбияты, Арал теңизиниң өтмишинен сөз етиўши бийбаҳа мийраслар, мәдений мийрас объектлерине итибарды күшейтиў ҳәм басқа да бағдарларда бирге ислесиўлерди кеңейтиў мәселелери сөз етилди. Сондай-ақ, Президентимиз тәрепинен айрықша итибар қаратылып, ҳәзирги ўақытта түпкиликли өзгерислер әмелге асырылып атырған бүгинги Мойнақ Қарақалпақстанның туристлик айналарының бири болатуғынлығы айрықша атап өтилди.
Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен күтип алғаны ушын миннетдаршылық билдирди. Бирге ислесиўди еле де кеңейтиў, мүмкиншиликлерден нәтийжели пайдаланыў, түризмди раўажландырыў бойынша өз-ара байланысларды буннан былай да беккемлеў бағдарында пикирлери менен ортақласты.
Ушырасыў соӊында туризм тараўында еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша бир қатар келисимлерге қол қойылды.
Делегация ағзаларыныӊ республикамыз бойлап сапары даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.