Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қатар Мәмлекети Әмири шейх Тамим бин Ҳамад Ол Соний 19-декабрь күни Коррупцияға қарсы гүресиў тараўында жоқары халықаралық сыйлықты салтанатлы тапсырыў мәресиминде қатнасыў ушын әмелий сапар менен Ташкент қаласында болады.

Қатар Әмириниң басламасы менен шөлкемлестирилген сыйлық пенен 2016-жылдан берли ҳәр жылы глобаллық көлемде коррупцияға қарсы гүресиўге үлесиниң тән алыныўы сыпатында белгили жәмийетлик ғайраткерлер, экспертлер ҳәм журналистлер сыйлықланып келинбекте.

Сапар шеңберинде жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер де болып өтеди.

Өзбекстан Президентиниң усы жылы 1-2-октябрь күнлериндеги Қатарға мәмлекетлик сапары даўамында, бәринен бурын, сиясат, саўда-экономикалық, инвестиция ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылады. Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги мәселелер бойынша да пикир алысады.

ӨзА