Усы жыл 16-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Нөкис қаласы пуқаралар жыйынларыныӊ белсендилерин хошаметлеўге бағышланған “Ҳүрмет-2023” сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиӊ басшылығында пуқаралар жыйынларыныӊ жумысларын жетилистириў, аймақ турғынлары ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм олардыӊ бүгинги күннен разы болып жасаўы ушын алып барылып атырған кеӊ көлемли жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиң 2022-жыл 23-24-февраль күнлери Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында берилген тапсырмалары ҳәм 25-февраль күни өткерилген мәжилис баянламасы тийкарында Нөкис қаласының инфраструктурасын жақсылаў, орынларда қурылыс-абаданластырыў жумысларын жедел алып барыў, қала халқын социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў жумыслары ушын Ташкент қаласы ҳәкимлиги бириктирилип берилгени жаңа басламаларға, көз қуўандырарлық жумыслардың алып барылыўына кеӊ имканият жаратпақта.
Онда, Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң қосымша дәреклери есабынан Нөкис қаласындағы 38 мәкан пуқаралар жыйыныныӊ имаратын жаңадан қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў жумыслары ушын 31 миллиард 312 миллион сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнге келип 3 мәкан пуқаралар жыйыны (Алтын жағыс, Әмиўдәрья, Қос булақ) имараты жаӊадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Бул жаңа имаратлар барлық шараятларға ийе ҳалда, оларда ислеўши (пуқаралар жыйыныныӊ баслығы, ҳəким жəрдемшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, жаслар жетекшиси, профилактика инспекторы) беслик хызметкерлер зәрүр инвентарлар менен толық тәмийинленди. Улыўма жыл басынан берли қалада 11 социаллық объект, 22 балалар ҳәм спорт майданшасы пайдаланыўға тапсырылды. Соның менен бирге, “Ашық бюджет” электрон платформасы арқалы Жийдели байсын, Жолшылар, Халықлар дослығы, Әмиўдәрья, Темир жол, Туран, Ақ отаў, Ақ жағыс, Сәрбиназ, Боз аўыл, Анасай, Наўқан бағ, Нәўбәҳәр МПЖ аймақларында жасаўшы пуқаралар тәрепинен даўыс бериў жолы арқалы жеңип алынған жәми 13 объект пайдаланыўға тапсырылды.
Буннан тысқары жақында Гөне қала МПЖ аймағынан 7 қабатлы 420 квартиралы 10, “Жеке терек” МПЖ аймағынан 16 қабатлы ҳәр бири 80 квартиралы 2 турақ жай тапсырылған болса, Қумбыз аўыл МПЖ аймағындағы 7 қабатлы 56 квартиралы турақ жайдың қурылыс жумыслары жуўмақланып, өз ийелерине тапсырылыў алдында тур.
Нөкис қаласында бүгинги күнде халықтыӊ саны 356 мың 782 адамды қурайды. Соннан 76 мың 261 хожалықта 86 мың 800 шаңарақ жасап атыр. Қала халқының саны соңғы ўақытлары кескин артып барыўы себепли, айырым халық саны көп жайласқан мәкан пуқаралар жыйынларында ислеўши хызметкерлерге халықтың машқалаларын үйрениўде ҳәм оларды сапластырыў мәселесинде қыйыншылықлар жүзеге келип атырған еди. Мине, усыларды есапқа алып, қала ҳәкимлигиниң усынысы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2022-жыл 18-ноябрь күнги келисим хатына тийкарланып, халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиниң 2022-жыл 26-декабрь күнги шешими менен Нөкис қаласында 7 мәкан пуқаралар жыйыны жаңадан шөлкемлестирилди.
Президентимиздиӊ арнаўлы қарары бойынша Нөкис қаласындағы 71 мәкан пуқаралар жыйынының ҳәр бирине 500 миллион сумнан жәми
35 миллиард сум қаржы ажыратылды. Нәтийжеде қала аймағындағы машқалаларды үйрениў бойынша тийисли тәртипте Жумысшы топарлар дүзилип, аймақлардағы көше бийлериниң ҳәм аймақ турғынларыныӊ пикир-усыныслары жыйналып, машқалаларды сапластырыў ушын усы мәҳәллелердеги жәми 450 объект жәмлестирилип, мәнзилли дизими қәлиплестирилди. Әлбетте, бул көлемли жумыслардың алып барылыўы нәтийжесинде қала аймағындағы машқалалы мәселелер өз шешимин табыўына, сол арқалы халқымыздың кейпиятына унамлы тәсирин тийгизиўине имкан жаратады.
ϴзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-декабрь күнги “Мəҳəллелерде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бəнтилигин тəмийинлеў ҳəм кəмбағалықты қысқартыў бойынша мəмлекетлик сиясаттың əҳмийетли бағдарлары ҳаққында”ғы пəрманына муўапық, өткен жылдан баслап ҳəр бир мəкан пуқаралар жыйынларында “Ҳәким жәрдемшиси” лаўазымы жолға қойылды. Өткен 2022-жылы жумыссызлық сораўнамасы тийкарында пуқаралардың бәнтлигин тәмийинлеў, яғный, турақлы жумысқа жайластырыў, жеңиллетилген кредитлер есабынан өзин-өзи бәнт етиў, субсидиялар ажыратыў, кәсип-өнерге бағдарлаў арқалы анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша “Мәҳәлле кесиминде” ислеў системасы арқалы 12 мыӊ 317 жумыссыз пуқара анықланған болса, соннан 8 мыӊ 29 пуқара ажыратылған кредит ҳəм субсидиялар арқалы өз бəнтлигин тəмийинлеўге ерисилген. Ал, быйылғы жылы 15 мыӊ 171 жумыссыз пуқара анықланып, соннан 13 мыӊ 456 жумыссыз пуқараның бәнтлигин тәмийинлеў ушын 110 миллиард 884 миллион сумлық жеңиллетилген банк кредити ажыратып берилди.
Елимизде жасларымыз бенен нураныйларымызға болған ҳүрмет ҳәм итибар жылдан жылға артып, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў нәтийжесинде бир қатар женилликлер жаратылмақта. 2023-2024-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына 3000 грант ҳәм 6500 төлемли-шәртнама тийкарында жәми 9500 квота орны ажыратылды. Соннан, Нөкис қаласынан 803 грант ҳәм 542 төлемли-шәртнама тийкарында жәми 1 мыӊ 345 жас бул имканиятлардан пайдаланыў бахтына миясар болып, студентликке қабыл етилди.
Илаж соӊында “Еӊ үлгили мәкан пуқаралар жыйыны”, “Еӊ үлгили мәкан пуқаралар жыйыныныӊ баслығы”, “Еӊ үлгили ҳәким жәрдемшиси”, “Еӊ үлгили мәҳәлле ҳаял-қызлар белсендиси”, “Еӊ үлгили мәҳәлле жаслар жетекшиси”, “Еӊ үлгили профилактика инспекторы”, “Еӊ үлгили депутат”, “Пидайы исбилермен”, “Еӊ тыныш мәҳәлле” сыяқлы бир қатар номинациялар бойынша жеӊимпазларға диплом ҳәм саўғалар тапсырылды.
Сыйлықлаў мәресими көркем өнер шеберлериниӊ концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.