Президент Шавкат Мирзиёев 15-декабрь күни жаслар сиясатында әмелге асырылған жумыслар ҳәм келеси жылдағы тийкарғы ўазыйпалар бойынша есабат пенен танысты.
Бул бағдардағы илажлар 7 бағдарда әмелге асырылды. Мәмлекеттиң айрықша итибарына мүтәж 396 мың жас жуўапкер басшыларға бириктирилип, олар менен индивидуал ислесиў арқалы 331 мыңының турмыста өз орнын табыўына жәрдемлесилди. Соның ишинде, 94 мыңының бәнтлиги тәмийинленди, 56 мыңы кәсип-өнерлерге оқытылды.
«Жаслар дәптери» арқалы көрсетилетуғын жәрдем түрлериниң саны 30 ға жетти, мүрәжатларды көрип шығыў мүддети 30 күннен 5 күнге шекем қысқарды.
Усы жылы жаслар жетекшилериниң усынысы менен 338 мың жигит-қызға 444 миллиард сумлық жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, студентлердиң шәртнама қаржылары төленди, шет тиллери ҳәм заманагөй кәсиплерге оқытыў қәрежетлери қаплап берилди. Жумыссыз жасларға мийнет қураллары ажыратылды.
Ҳәр бир мәҳәлледе «Жаслар бәнтлиги бағдарламасы» әмелге асырылып, усы жылы 236 мың жумыссыз жигит-қыз ҳәм 189 мың мектеп питкериўшисиниң бәнтлиги тәмийинленди.
«Бес баслама олимпиадасы» быйылдан баслап 4 бағдарда – мәҳәлле, мектеп, профессионал билимлендириў ҳәм жоқары оқыў орынлары системасында өткерилип, жәми 12 миллион жаслар қамтып алынды. Онда жеңимпаз болған жаслардың мәҳәллелеринде жәми 623 спорт майданшасы қурылды.
Қәбилетлилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде Ташкент қаласындағы Жаслар дөретиўшилик сарайында күни-түн жумыс алып баратуғын биринши «Креатив парк» пайдаланыўға тапсырылды. «Заковат» ҳәм басқа да интеллектуаллық ойынларға 2 миллион жас тартылды.
Президентимизге Наўайы ўәлаятында қурылған Тодакөл халықаралық шахмат мектеби ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Заманагөй инфраструктура менен тәмийинленген бул мектеп жыл даўамында 1 мың 700 ул-қызды оқытыў ҳәм 7,5 мың жасты ҳәр қыйлы илажлар менен қамтып алыў имканиятына ийе. Ол жерде жәҳән ҳәм Азия чемпионатлары, универсиада сыяқлы халықаралық жарысларды өткериў ушын барлық шараят жаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы бул мектепке халықаралық гроссмейстерлерди алып келип, алыс аймақлардағы қәбилетли балаларды да тартыў, олар ушын шахмат бойынша қысқа мүддетли дем алыў орынларын шөлкемлестириў ҳәм тийисли сертификатлар бериўди жолға қойыў бойынша көрсетпелер берди. Сондай-ақ, ол мәмлекетимиздеги барлық улыўма билимлендириў мектеплери ушын тәжирийбе ҳәм методика дәреги болыўы керек екенлиги, шахмат сабақларын алып барыў процесин санластырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Мәжилисте жаслар менен ислесиў бағдарында 2024-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпаларға да итибар қаратылды.
Ҳәр бир аймақ, министрлик ҳәм уйымлар системасында жаслар менен ислесиў бойынша жаңаша қатнас енгизиледи. Жаслар жетекшисиниң усынысы менен берилетуғын жәрдем түрлери трансформацияланып, тийкарғы итибар оларды заманагөй кәсип-өнерге үйретиўге қаратылды.
Балалардың көнликпелери, қызығыўшылықлары ҳәм қәбилетин раўажландырыў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан балалар шөлкемин дүзиў усынысы билдирилди. Жаслар машқалаларын үйрениў ҳәм перспективалы кадрлар таярлаў бағдарында илимий-изертлеў ҳәм таллаў жумысларын жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
«Ибрат перзентлери» жойбары арқалы шет тиллерин үйренип атырған жаслар санын 1 миллионға, «Китап оқыў» бағдарламасы арқалы жас китапқумарлар санын 1,5 миллионға жеткериў илажлары көриледи. Оның ушын аймақлардағы қосымша инфраструктура қурылып, жаслардың бос ўақтын мазмунлы шөлкемлестириў, талант ҳәм қәбилетин жүзеге шығарыў ушын және де кең шараятлар жаратылады.
ӨзА