Президент Шавкат Мирзиёев 14-декабрь күни автомобиль қурылысы ҳәм аўыл хожалығы машина қурылысын раўажландырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар нәтийжесинде бул санаат тармақлары избе-из модернизацияланбақта. Логистикадағы қыйыншылықларға қарамастан, кейинги жылларда автомобиль ислеп шығарыў 3 есеге көбейип, усы жылдың ақырында 415 мың данаға жетиўи күтилмекте. Тараўда мәмлекет монополиясын жоқ етиў ҳәм бәсекини раўажландырыў мақсетинде 3 жаңа жеке меншик кәрхана ҳәм абырайлы сырт елли брендлер тартылды. Бүгин елимиздеги 8 заводта онлаған түрдеги автомобильлер, жүк ҳәм жолаўшы тасыў транспортлары, аўыл хожалығы ҳәм арнаўлы техникалар ислеп шығарылмақта.

Сондай-ақ, бул тараўда 2 мыңнан аслам кәрхана тутас кооперация тармағына байланысты ҳәм 50 процент локализациялаў тәмийинленди.

Соның менен бирге, базарда талап еле де жоқары. Ҳәм сыртқы, ҳәм ишки базарда автозаводлар арасында бәсеки күшеймекте. Енди «Өзавтосанаат» акционерлик жәмийети де өнимлердиң моделин кеңейтип, сапаны жақсылаў, өзине түсер баҳасын азайтып, бәсеки орталығында ислеўге өтиўи зәрүр.

Презентацияда бул бағдардағы илажлар, тармақ алдындағы ўазыйпалар додаланды.

Атап айтқанда, мәмлекетимизде жеңил автомобиль ислеп шығарыўды 2030-жылға шекем 1 миллион данаға жеткериў мақсет етилген. Мәжилисте бул бағдардағы 2024-жылы әмелге асырылатуғын ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мәмлекетимиз басшысы «Өзавтосанаат»ты трансформациялаўды жеделлестириў қәрежетлерин азайтыў керек екенин атап өтти.

Бизге белгили, бүгинги күнде дүнья жүзиндеги жетекши автозаводлар электромобиль ислеп шығарыўға өтпекте. Мәмлекетимиз санаатшылары да тезирек бул бағдарды өзлестирип, заман талабына бейимлеспесе, келешекте базарда орын табыўы және де қыйын болады.

Бул бағдарда дәслепки жойбарлар басланған. Келеси жылы усындай завод иске қосылып, 10 мың электромобиль ислеп шығарылыўы нәзерде тутылған.

Президентимиз бул бағдарға айрықша итибар қаратыў әҳмийетли екенин атап, тармақ кәрханаларында электромобильлер ушын аўысық бөлеклерди таярлаўды жолға қойыў бойынша көрсетпе берди.

Аўыл хожалығы машина қурылысы тармағында усы жылы 3 мың 500 данадан аслам техника ислеп шығарылған. 2030-жылға шекем бул муғдарды жылына 16 мың данаға жеткериў мөлшерленген.

Усы жылы Шыршықта аўыл хожалығы машина қурылысы кластери шөлкемлестирилди. Ол жылына 15 мың дана трактор, тиркеме ҳәм басқа да техникалар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Бирақ, оларды сатыў системасы заман талапларына сәйкес келмей атыр.

Сол себепли жергиликли техниканың сатып алыныўын қоллап-қуўатлаўды кеңейтиў, кластер ҳәм фермерлерди тартыў, бул бағдарда буйыртпалар қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди ҳәм қосымша илажлар белгиленди. Миллий тракторды локализациялаў дәрежесин 35 процентке, аспа техника ҳәм тиркемелерди орташа 60 процентке жеткериў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА