Өзбекстан Республикасы Конституциясы байрамы күни Нөкис қаласындағы Қосбулақ мәкан пуқаралар жыйыныныӊ имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А. Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды елимиз Конституциясы байрамы ҳәм мәкан пуқаралар жыйыныныӊ имараты пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Президентимиздиӊ басшылығында халқымызға мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бойынша кеңкөлемли жумыслар әмелге асырылып, халықшыл реформалар турмыста өз сәўлелениўин таппақта. Соныӊ ишинде пуқаралар жыйынларыныӊ материаллық-техникалық базасын беккемлеў, хызметкерлерге қолайлы жумыс шараятын жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Буннан соң пуқаралар жыйыныныӊ имараты пайдаланыўға тапсырылып, илаж қатнасыўшылары жыйын хызметкерлери менен белсендилерине жаратылған шараятлар, пуқаралар менен тығыз бирге ислесиў бойынша мүмкиншиликлер менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.