Усы жыл 7-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.

Байрам салтанатына Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, нуранийлар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 31 жыллығы байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.

Атап өтилгениндей, усы жылдың 30-апрель күни болып ѳткен, елимиздиң тәғдирин, келешегин белгилейтуғын улыўмахалықлық референдумда халқымыз айрықша белсендилигин, пуқаралық позициясын, ѳзлериниң жоқары сиясий санасын, ҳуқықый мәденияты ҳәм кең дүньяқарасын кѳрсетиў менен бирге, Конституциялық ҳуқықларынан пайдаланып, елимиздиң келешеги менен байланыслы болған тарийхый ўақыяда белсене қатнасты ҳәм жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясын қабыл етти.

Ең тийкарғысы, бул референдумда халқымыз ертеңги күнге деген жуўапкершилик сезиминиң артқанын және бир мәрте дәлилледи.

Әлбетте, жаңа редакциядағы елимиз Конституциясы Жаңа Ѳзбекстанның, оның ажыралмас бөлеги болған Жаңа Қарақалпақстанның стратегиясын әмелге асырыўдың сиясий-ҳуқықый тийкарларын жаратыў менен бирге, жәмийетлик-сиясий, экономикалық, мəдений ҳәм руўхый, суд-ҳуқық тараўларын буннан былай да турақлы раўажландырыўдың исенимли кепилине айланбақта.

Сонлықтан да Президентимиздиң “Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни байрамына таярлық көриў ҳəм оны өткериў ҳаққында”ғы арнаўлы бийлиги жаңаланған Конституциямыздың мазмун-мəниси ҳəм “Өзбекстан – 2030” стратегиясының тийкарғы баслы бағдары шеңберинде белгиленген түпкиликли реформалар ҳаққында мəҳəллелерде, билимлендириў ҳəм мийнет жəмəəтлеринде ушырасыў ҳəм сəўбетлесиўлер өткериў, соңғы жыллары экономикалық, социаллық, мəдений-руўхый турмыстың барлық тараўларында əмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳəм бул бағдарда ерисилип атырған нəтийжелерди беккемлеўде жаңа редакциядағы Конституциямыздың орнын ҳəм ролин кеңнен жарытыў, “Конституция – халықшыл мәмлекет, турақлы раўажланыў ҳәм абадан турмыс тийкары!” деген турмыслық идеяның əҳмийетин, жаңа редакциядағы Конституция тийкарында инсан ҳуқықлары менен еркинликлери пүткиллей жаңа басқышқа көтерилгенин ашып бериў ўазыйпасы белгиленди. Сонлықтанда, мүлклик ҳуқықлардың исенимли қорғалыўын тəмийинлеў, бул ҳуқықларды шеклеп атырған факторларды сапластырыў, денсаўлықты сақлаў, илим, мəденият, көркем өнер ҳəм спорт тараўларын буннан былай да раўажландырыў, нуранийлар, ҳаял-қызлар ҳəм жасларға турақлы ғамхорлық көрсетиў сыяқлы бир қатар ўазыйпаларды алға қойыўы менен оғада əҳмийетли саналады.

Елимиздиӊ тарийхый қысқа дәўир ишиндеги раўажланыў басқышларына нәзер таслар екенбиз, Конституциямыз жаратып берген шексиз имканиятлар нәтийжесинде ана Ўатанымыз шын мәнисиндеги раўажланыўлар ҳәм алға илгерилеўлер мәмлекети сыпатында қәлиплескенин, оныӊ дүнья халықлары арасында мүнәсип орын ийелегенин, экономикамыз және де беккемленип, адамлардыӊ жасаў шараятлары жылдан-жылға жақсыланып атырғанын көриўимиз мүмкин. Себеби, Тийкарғы Нызамымыз елимиздиӊ жаӊа раўажланыў жолы менен алға қойған мақсетлеримизди,  инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин, азат ҳәм абат, тыныш-татыў жасаў принциплерин өзинде жәмлеўи менен кеўиллерден тереӊ орын ийелейди.

Мине, бүгинги күнге келип Конституциямыз тийкарында елимизде миллий нызамшылық системасы жетилисип, барлық тараўларда жүргизилип атырған реформалар барған сайын тереӊлесип бармақта. Еӊ тийкарғысы, елимиздиӊ социаллық-экономикалық потенциалы күшейип, инсанлардыӊ келешекке деген исеними және де артпақта.

Соңғы жыллары Президентимиздиӊ басшылығында “Инсан қәдири ушын” деген ийгиликли идеяны ѳзинде жәмлеген ҳәр бир қала ҳәм аўылды, ҳәр бир мәҳәллени өз ишине алған кең кѳлемли дөретиўшилик жумыслар елимиз қүдиретиниң барған сайын артып атырғанын және бир мәрте дәлиллемекте. Жуўмақланыў алдында турған быйылғы жылға нәзер таслар екенбиз, Президентимиз тәрепинен тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлары тийкарында қала ҳәм районларымызда бир қатар ѳндирис кәрханалары менен социаллық тараў объектлери иске түскен болса, аўыллық жерлерде халықты заманагөй ҳәм ықшам турақ-жайлар менен тәмийинлеў мақсетинде Қараөзек, Кегейли ҳәм Қанлыкөл районларында “Жаӊа Өзбекстан” массивлери қурылып, “Абат шаңарақ – абат кѳше – абат мәҳәлле” принципи тийкарында мәҳәллелерде қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, жасларымызға, ҳаял-қызларға ҳәм исбилерменлеримизге бурын болмаған көплеген қолайлықлар жаратылғанлығын, жасларымыз ушын жоқары оқыў орынларына кириў ушын 10 мың квота ажыратылғанын, сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына көшириў әмелиятының жолға қойылғанын, қала ҳәм районларымызда жәми 21 мыңнан аслам турақ жайда 350 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылып атырғанлығын бүгин халқымыз миннетдаршылық пенен тилге алмақта.

Әлбетте, усындай тыныш-татыў ҳəм абадан елде жасаў бахтына миясар болған екенбиз, бундай өзгерислер менен жаӊаланыўларға, раўажланыўларға үлес қосыў, халқымыздың турмыс дәрежесин буннан былай-да жақсылаў, экономикамызды еле де беккемлеў жолында хызмет етиў, миллетлер аралық татыўлықты, дослық қатнасықларын жəне де беккемлеў, ең тийкарғы байлығымыз болған тынышлықты сақлаў, оның қәдирине жетиў, Президентимиздиӊ халқымызға деген ғамхорлығына ис пенен жуўап қайтарыў – бул ҳәр биримиздиң əдиўли миннетимиз саналады.

Илажда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти А.Элмурадов жаслардың билим алыўы, кәсип өнер ийелеўи ушын жаратылған шараятларға тоқтап өткен болса, шайыр Г.Дәўлетова байрамға бағышланған қосығын оқыды.

Байрам қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы қойып берилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.