6-декабрь күни Қазақстан Республикасы Биринши Президентиниң баспасөз хаткери Айдос Укибай сапар менен мәмлекетимизде болды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясында өткен ушырасыўда мийман мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевқа Қазақстанның Биринши Президентиниң сәлеми ҳәм ең ийгиликли тилеклерин жеткерди. Сондай-ақ, Айдос Укибай Нурсултан Назарбаевтың “Мениң өмирим. Ғәрезлиликтен азатлыққа” атамасындағы мемуарлар китабының Өзбекстан Президентине арналған ҳәм автор қол таңбасы түсирилген нусқасын тапсырды.

Тарийхый процесслер ҳәм жеке мүнәсибетти өзинде жәмлестирген китапта Нурсултан Назарбаев өзиниң өмир жолы, мәмлекеттиң қәлиплесиў ҳәм раўажланыў дәўири ҳаққындағы еслеўлери менен ортақласады. Республикаға басшылық еткен ақырғы он жыллықлардағы ўақыяларға баҳа береди.

Китап қаҳарманлары арасында автор сиясий майданда кесилискен белгили сиясатшылар да бар. Қазақстанның Биринши Президенти мәмлекет ҳәм ҳүкиметлердиң басшылары, басқа белгили шахслар менен қатнасықларын тәрийплейди.

Нурсултан Назарбаев Өзбекстан жетекшиси “белгили сиясий ғайраткер Шавкат Мирзиёев”ти айрықша атап өтеди. Китапта мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған, мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын арттырыўға хызмет етип атырған реформалар жоқары баҳаланған. Қазақстан менен ҳәр тәреплеме байланыслар және де жедел раўажлана баслағаны, Шавкат Мирзиёев Президент сыпатында жумысының дәслепки күнлеринен-ақ туўысқан мәмлекетлер менен бирге ислесиўди беккемлеп атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

ӨзА