6-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдында мәмлекетимиз басшысы Қырғызстан Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, абаданлық ҳәм үлкен табыслар, туўысқан қырғыз халқына тынышлық-парахатшылық ҳәм раўажланыў тиледи.

Сөйлесиўде еки тәреплеме қатнасықлардың әҳмийетли мәселелери додаланды, болажақ илажлар режеси көрип шығылды.

Жетекшилер беккем дослық байланыслары, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик байланысларына тийкарланған Өзбекстан – Қырғызстан қатнасықлары бүгин жоқары пәтте раўажланып атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиўлер ҳәм нәтийжели алмасыўлар даўам етпекте. Товар алмасыў көлеми артпақта. Машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тармақларда биргеликтеги кооперациялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Өзбекстан – Қырғызстан фондының жумысы шеңберинде 11 перспективалы бизнес жойбары қаржыландырылды.

Аймақлараралық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў кеңейип бармақта.

Мәмлекет басшылары регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысып, инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

ӨзА