Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында Қытай – Өзбекстан (Қарақалпақстан) экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыў форумы болып өтти.

Форумға елши Юй Цзюнь басшылығындағы делегация ағзалары, Қытай мәмлекетиниң оннан аслам ири кәрханалары ҳәм компанияларының ўәкиллери, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, исбилерменлер қатнасты.

Форумда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, Президентимиздиң Қытай Халық Республикасына болған әмелий сапарының халқымыз абаданлығын тәмийинлеў жолындағы әҳмийети, еки мәмлекет арасындағы өз-ара қатнасықларды беккемлеў мәселелери, Қытай-Өзбекстан, соның ишинде, Қарақалпақстан байланысларын жаңа басқышларға алып шығыў, Президентимиз жаратып берген имканиятлар тийкарында жаңа инвестициялық жойбарлардың иске түсирилиўин тәмийинлеў ҳәм басқа да әҳмийетли мәселелерге кең түрде тоқтап өтти.

Жақын келешекте биргеликтеги жойбарлар саны артып, жаңа жумыс орынларын жаратыў арқалы халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў илажлары көрилетуғынлығы айрықша тилге алынды.

Себеби, бизиң исбилерменлеримиз ушын Қытай ең ири экспорт базары болыўы менен бирге, ең ири импортёр мәмлекет болып табылады. Өткен жылда Қытай мәмлекети менен сыртқы саўда айланысы 171 миллион доллардан асты. Сондай-ақ, Қытай мәмлекетиниң капиталы қатнасыўындағы кәрханалардың саны 2018-жылға салыстырғанда 3 есеге өсип, бул кәрханалар республикамыздың раўажланыўы ҳәм экспорт көрсеткишлеринде айрықша орын ийелемекте.

Сондай-ақ, Қытай елшиси де еки күн даўамындағы Қарақалпақстанға болған сапарында үлкен тәсирлерге ийе болғанлығын, аймақта биргеликте көплеген жаңа исбилерменлик жойбарларының иске түсирилиўи оғада перспективалы екенлигин, ең баслысы, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың Қарақалпақстанда инвестициялық тартымлылықты арттырыў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға беккем тийкар болатуғынлығын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Бизнес-форумда Қытай мәмлекетинен келген исбилерменлерден ибарат делегация ағзалары өзлериниң жаңа жойбарлары менен қатнасты.

Кең қамтыўлы форматта өткен форумда бир қатар жергиликли исбилерменлер де қатнасып, онда қытайлы инвестор ҳәм исбилерменлердиң презентациялары, компанияларының санаат, энергетика, аўыл хожалығы, өндирис, қайта ислеў ҳәм басқа да бағдарлар бойынша жумыс алып барыў бағдарлары менен перспективалы жойбарлары жыйналғанлардың нәзерине усынылды.

Жақында Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация ағзалары да Қытай мәмлекетинде болғанлығын атап өтиў орынлы. Онда бир қатар жаңа жойбарлар үстинде келисимлерге ерисилип, бирге ислесиў перспективалары талқыланған еди.

Өткерилген усындай ушырасыўлар нәтийжесинде жәми 459 миллион долларлық инвестиция ҳәм саўда-экономикалық келисимлерге ерисилди.

– Мен де Жоқарғы Кеңес Баслығы басшылығындағы делегация қурамында Қытай мәмлекетине барған едим. Ол жерде бизлерди жақсы күтип алды.

Исбилерменлер арасында өз-ара сөйлесиўлер алып барылды. Жеке өзим азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестириў бойынша 1 миллион долларлық шәртнама дүзиўге еристим.

Бул бизнес форум да исбилерменлеримиз ушын усындай өз-ара пайдалы шәрнамалар дүзиўге жәрдемин тийгизеди, деп ойлайман,-дейди «Нөкис дилиша» кәрханасының баслығы Б.Юлдашов.

Бүгинги күнде Қытай Халық Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, бир қатар тараўлар бойынша жаңа жойбарлар үстинде ислесиўдиң әҳмийети айрықша есапланады.

Өткерилген бизнес-форум даўамында жергиликли исбилерменлер ҳәм Қытайдың бир қатар ири компаниялары менен В2В форматында ушырасыўлар өткерилди ҳәм ҳәр еки тәреп ушын да өз-ара пайдалы келисимлерге ерисилди.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.