Аргентинада президентлик сайлаўыныӊ екинши басқышы даўам етпекте. Бул ўақытта 35 миллионнан зыят сайлаўшы аўыр экономикалық кризисти басынан өткерип атырған мәмлекеттиӊ кейинги 4 жыллық келешегин белгилеп алады.
“Euro News” тыӊ мәлим етиўинше, еӊ жоқары лаўазымға талабанлар-экономика минстри -Перонистлер ўәкили, солшылар белсендиси Серхио Масса да турақлы түрде.
Дональд Трамп пенен салыстырылатуғын либертар «Азатлық келеди» коалициясыныӊ жетекшиси Хавер Милей арасында «беллесиў» даўам етпекте.
Бир ай алдын, биринши басқышта Милей 30 процент, Масса болса 37 процент даўыс топлаған еди. Әмелдеги экономика минстриниӊ жетискенлиги анализшилерди таӊ қалдырды. Ол мәмлекетте жыллық инфляция дәрежеси рекорд көрсеткиш-143 процент ке жақынласып атырғанын дағазалады.
Сыртқы қарыз ҳам экономиканыӊ стратегиялық тармақларында бәсекиниӊ жоқ болыўы инфляция тарийхтағыдан да жоқары ноқатқа шыққанына тийкарғы себеп сыпатында көрсетилмекте. Сонлықтан, жағдай бул жылғы қурғақшылық себепли және де жаманласты.
Масса жағдайды «бюджет тәртиби» ҳәм валюта резервин байытыў арқалы жақсылаўға, Милей болса песоны долларға алмастырып, Орайлық банкти сапластырыўға сөз бермекте.
Дәслепки нәтийжелер жергиликли ўақыт пенен 21:00 ден кейин дағазаланады.
Улбоған Бекимбетова, ҚМУ студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги