Сәршемби күни кешки ўақыт жәҳән базарында нефть баҳасы 2 процент арзанласқан, “Brent” белгиси астындағы “қара алтын”ныӊ бир баррели ушын белгиленген баҳа 21-июльден бери дәслепки мәрте 80 долларға түсти, делинеди саўда жуўмағы бойынша жәрияланған есабатта.
Кештеги саўдада “Brent” нефтиниӊ январь айы ушын фьючерс баҳасы 1,9 процентке төменлеп, бир баррель ушын 80,05 долларды белгиледи. Алдынырақ 80 долларға да түскен еди.
“WTI” маркалы нефть декабрь айы ушын белгиленген фьючерс баҳасы 2,09 процентке арзанласып, бир баррель ушын жуўмақлаўшы баҳа 75,73 долларда тоқтаған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги