2023-жыл январь-сентябрь айларында мәмлекетимиз экономикасына Россиядан тартылған инвестиция ҳәм кредит үлесиниң көлеми сырт ел инвестициясының 15,9 процентин қурайды. Бул екинши көрсеткиш.
Статистика агентлиги мағлыўматына бола, есабат дәўиринде тийкарғы капиталға қаратылған сырт ел инвестиция ҳәм кредит муғдары 2022-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 20,1 процент артып, 10,4 триллион сум ямаса 46,1 процентке көтерилген.
Бул рейтингте Қытай жетекши – 24,5, Саудия Арабстаны болса 7 процент пенен 3-орынды ийелеген.
Улыўма етип айтқанда, Россия Өзбекстанның ең ири инвесторларынан бири болып қалмақта. Бул мәмлекет компанияларының экономикамызға киргизген инвестициясы 11 миллиард доллардан артты.
Г.Сатторова, ӨзА