Ҳүрметли Қәўипсизлик кеңеслериниң хаткерлери!

Ҳүрметли Бас хаткер!

Ҳүрметли делегация ағзалары!

Түркий цивилизация орайларынан бири болған Ташкент қаласына келген Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлердиң Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң екинши мәжилисиниң барлық қатнасыўшыларын қызғын қутлықлайман.

Бәринен бурын, сизлердиң тымсалыңызда кәсиплеслерим – Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер басшыларына өзимниң терең ҳүрметимди ҳәм Өзбекстан басшылығын қоллап-қуўатлағаны ушын қызғын миннетдаршылық билдиремен.

Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң жедел өсип атырған потенциалы ҳәм абырай-мәртебеси – бул бизиң дослығымыз ҳәм бирлигимиз күш-қүдиретиниң ҳәм тек ғана биргеликте сезилерли ҳәм үлкен нәтийжелерге ерисе алыўымыздың айқын көриниси болып есапланады.

Самарқандта болып өткен тарийхый саммит жуўмақлары Шөлкемниң раўажланыўында жаңа дәўирди баслап берди. Бир қатар әҳмийетли ҳүжжетлер, соның ишинде, саўда ҳәм бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў ҳәм Инвестиция фондын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимлер қабыл етилди.

Кейинги жылда Түркий мәмлекетлер шөлкеминде Өзбекстан басшылығында айрықша әҳмийетке ийе ҳәм кең көлемли жумыслар әмелге асырылды, бирге ислесиўимиз және де кеңейди ҳәм жаңа раўажланыў пәтине ийе болды.

Бүгинги күнге келип көп тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары менен тараўларын қамтып алған отыздан аслам ири илажлар өткерилди.

Шөлкемимизди институционаллық жақтан реформалаў, «жаңа экономикалық имканиятлар мәканы»н жаратыў, транспорт тараўында өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстанның басшылығы шеңберинде мәмлекетлеримиздиң экономика, саўда, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, космос, энергетика министрликлери ҳәм уйымлары және арнаўлы хызметлер басшыларының бир қатар әҳмийетли ушырасыўлары өткерилди.

Түркий дүньяның илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларындағы раўажланыўына үлес қосқан белгили шахсларды сыйлықлаў ушын шөлкемлестирилген Әлийшер Наўайы атындағы сыйлық биринши рет тапсырылды. Өзбекстан Халықаралық түркий мәденият шөлкемине толық түрде ағза болды, ТУРКСОЙ дүзилгениниң отыз жыллығы салтанатлы түрде белгиленди.

Биз шөлкем резервлеринен қолдан келгенше нәтийжели пайдаланыў ҳәм түркий мәмлекетлердиң интеграция бағдарындағы потенциалын барлық тараўларда арттырыў бойынша избе-из жумыс алып барамыз.

Қәдирли мәжилис қатнасыўшылары!

Бүгинги конференция Шөлкем күн тәртибиндеги оғада әҳмийетли ўақыялардан бири болып есапланады, себеби ўәкилликли уйымлардың қәўипсизликке қарсы заманагөй қәўип-қәтерлерди сапластырыў ҳәм мәмлекетлеримизди турақлы раўажландырыў жолларын излеў бойынша бирге ислесиўдеги жумыслары айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Бундай форматтағы ушырасыў қәўипсизликтиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысыў ҳәм бүгинги тыныш емес дүнья жүзиндеги улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы биргеликте жуўаплар ислеп шығыў ушын нәтийжели майдан болып хызмет етеди.

Өткен жылы Анкара қаласында болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкемине ағза мәмлекетлер Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлериниң биринши мәжилисинде ерисилген айрықша нәтийжелерди жоқары баҳалаймыз.

Түркий тиллес мәмлекетлердиң Қәўипсизлик кеңеслери хаткерлери дәрежесиндеги көп тәреплеме бирге ислесиў механизми Түркий мәмлекетлер шөлкеми мәканында қәўипсизлик тараўындағы сөйлесиўди пүткиллей жаңа дәрежеге алып шығатуғынына исенимим кәмил.

Ҳүрметли делегациялардың басшылары ҳәм ағзалары!

Бул мәжилис халықаралық көлемде қыйын жағдай ҳүким сүрип атырған бир шараятта болып өтпекте. Бүгинги күнде дүнья прогнозлаў қыйын болған ҳәм ҳәттеки алдыннан айтып болмайтуғын ақыбетлерди шығаратуғын фундаменталлық өзгерислерди басынан өткермекте.

Халықаралық майданда өз-ара исеним ҳәм бир-бирин түсиниў кризиси кескин сезилмекте. Глобаллық ҳәм регионаллық қәўипсизликке қарсы қәўетерлер күшейип, қәўип-қәтерлер жүзеге келмекте.

Усы мүнәсибет пенен сизлер басшылық етип атырған структура ҳәм уйымларға айрықша жуўапкершилик жүкленбекте.

Сизлер қатнасып атырған мәжилис күн тәртиби оғада нәтийжели, биргеликте қарарлар қабыл етиўди ҳәм өз-ара аўызбиршиликте жумыс алып барыўды талап ететуғын әҳмийетли мәселелер сизлердиң итибарыңызға усынылмақта.

Бүгин сизлер терроризм, экстремизм ҳәм жаслардың радикалласыўы, кибержынаятшылық, наркотик қураллардың тарқалыўы, трансшегаралық  жынайый топарлардың жумысына қарсы гүресиўде күшлерди бирлестириў ҳәм айрықша жағдайларда оператив ҳәрекет етиўге байланыслы болған кең көлемдеги әҳмийетли ўазыйпалар бойынша пикир алысасыз.

Бул конференция мәмлекетлеримиз ҳәм региондағы қәўипсизликке қәўип-қәтерлерди сапластырыўда өз-ара бирге ислесиўдеги ҳәрекетлердиң нәтийжелилигин арттырыў имканиятын беретуғын нәтийжели пикир алысыўлар ҳәм жаңа усыныслар және басламаларға бай болыўын тилеймен.

Өзбекстан үлкесине хош келдиңиз!

Мәмлекетимизге сапарыңыз мазмунлы ҳәм нәтийжели болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти