Ассалаўма әлейкум, әзийз ўатанласлар!
Қәдирдан ветеранлар!
Ҳүрметли мийманлар!
Бүгин әзиз Ўатанымызда 9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни, Екинши жер жүзилик урыста ерисилген уллы Жеңистиң 73 жыллығы кеңнен белгиленбекте.
Әне, усы қутлы әййям менен сизлерди, сизлер арқалы көп миллетли пүткил халқымызды шын жүрегимнен қутлықлайман. Бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Сиз, әзизлерди биз фашизмге қарсы мәртлерше гүрескен, уллы Жеңиске үлкен үлес қосқан, Ўатанымыздың ҳақыйқый қаҳарманлары, деп билемиз ҳәм сизлер менен шексиз мақтанамыз.
Сизлердиң бүгин арамызда мине усындай нураний болып, пәтия берип жүргениңиз биз ушын, әлбетте, үлкен бахыт, үлкен байлық.
Ҳәммемизге белгили, бул дүньяда тынышлық ҳәм аманлық, ығбал-бахыт турақлы болыўы ушын инсан өзин аямай гүрес алып барыўы, пидәкерлик мийнет етиўи керек. Сизлердиң уллы ерлигиңиз ҳәм мәртлигиңиз, пүткил өмириңиз буған анық мысал бола алады.
Бүгин фашизмге қарсы гүресиўде қайтыс болған мыңлаған ўатанласларымыздың мәңгилик естелигин еслеп, олардың руўхларына ҳүрмет көрсетиў – биз ушын ҳәм қарыз, ҳәм парыз.
Қанлы саўаш майданларында мәртлик көрсеткен, фронт артында мийнет етип, бүгин турмысымызға берекет бағышлап жүрген ҳүрметли ветеранларымыз алдында барлығымыз бас ийемиз.
Соның менен бирге ғәрезсиз Ўатанымыздың азатлығы, елимиздиң тынышлығы жолында қурбан болған батыр әскерлеримиздиң атларын да ҳүрмет пенен еске аламыз. Олардың шаңарақ ағзаларына, перзентлерине итибар ҳәм ғамхорлық көрсетиўди өзимиздиң муқаддес миннетимиз, деп билемиз.
Әзиз ҳәм қәдирдан дослар!
Екинши жер жүзилик урыс ҳақыйқатында да инсаният тарийхында ең қорқынышлы, ең қанлы қырғын болған еди. Бул урыс халқымыздың басына қандай аўыр азап-ақырет ҳәм бүлгиншиликлер, көп санлы қурбанлар келтиргенин елимиз ҳеш қашан умытпайды.
Әлбетте, бул ҳаққында жүдә көп айтыў мүмкин. Руқсатыңыз бенен, мен, тәкирарлап болса да, тек айырым мысалларға тоқтап өтпекшимен.
Урыс қарсаңында Өзбекстанда 6,5 миллион халық жасаған болса, соннан 1 миллион 500 мыңнан асламы фронтқа жиберилген. Бул сол ўақыттағы халқымыздың 22 процентин, мийнетке жарамлы халықтың болса 40-42 процентин қураған.
Меҳрибан ата-анасын, әзиз перзентлерин, муқаддес ана топырағын қорғаўға атланған бул мәрт инсанлар күни-түни қан кешип, Москвадан Берлинге шекемги отлы жолларды қаҳарманларша басып өтти.
Урыста өзбекстанлы әскерлерден 500 мыңнан асламы – фронтқа жиберилгенлердиң ҳәр үшеўинен биреўи қайтыс болды, 60 мыңнан аслам жерлесимиз майып болып қайтты.
Усы жаўыз урыс себепли қаншадан-қанша шаңарақлар өз бағыўшысынан айырылды, нәрестелер жетим, ҳаяллар жесир болып қалды. Өз баўырынан айырылған мың-мыңлаған аналар қәлбиндеги дәртти көрсетиўге сөз әззилик етеди.
Халқымыздың уллы Жеңиске қосқан үлкен үлеси ҳаққында айтар екенбиз, төмендеги санларға айрықша тоқтап өтиў орынлы, деп ойлайман. Урыста қатнасқан 120 мыңнан аслам Өзбекстан перзенти орден ҳәм медалларға ийе болған. Олардың 280 и Совет Аўқамы Қаҳарманы атағы менен, 82 си болса үш дәрежедеги «Слава» ордени менен сыйлықланған.
Урыс жылларында Өзбекстан фронттың беккем тәмийнат базасына айланды. Елимиздеги санаат кәрханалары әскерий тараўға бейимлестирилди, барлық имканиятлар фронт ушын, жеңис ушын жумсалды.
Үлкемизге эвакуация етилген жүзден аслам заводларды ҳәм фабрикаларды иске түсириўде жумысшы ҳәм инженерлер менен бирге ҳаяллар ҳәм ғаррылар, жас өспирим балалар мәртлик ҳәм жигерлилик пенен мийнет етти.
Урыс дәўиринде халқымыз тәрепинен фронтқа 2 мыңнан аслам самолёт , көплеген қурал-жарақ, жүзлеген әскерий-санитариялық поездлар, дала асханалары, палаткалар, оғада үлкен муғдардағы азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм басқа да зәрүр өнимлер жеткерип берилди.
Өзбекстан мийнеткешлериниң топлаған қаржылары есабынан онлаған әскерий самолётлар ҳәм танклер, машиналар қурылды.
1941-1945-жылларда елимиз бурынғы Аўқам көлеминдеги үлкен госпиталға айланды. Бул жерде мың-мыңлаған әскерлер емленип, урыс ҳәм мийнет фронтларына қайтты.
Сол ғаўғалы жыллар ҳаққында айтқанда, халқымыздың уллы гуманистлик пазыйлетлери туўралы қаншелли мақтанып сөз етсек, арзыйды, әлбетте.
Өзбекстан урыс себепли турақ жайынан, ата-анасынан ҳәм туўысқанларынан айырылған, фронт аймақларынан көширип әкелинген дерлик 1 миллион адамды өзиниң жақынларындай күтип алды. Олардың 200 мыңы балалар еди. Жүзлеген өзбек шаңарақлары эвакуация етилген жетим балаларды өз тәрбиясына алды. Ақырғы бөлек нанын да олар менен тең бөлисти.
Ташкентли темирши Шоаҳмад Шомаҳмудовтың шаңарағы, мине, усындай шаңарақлардан бири еди.
Баҳри ана ҳәм Шоаҳмад ата 14 жупыны, жетим баланы өз тәрбиясына алып, оларға меҳир ҳәм ғамқорлық көрсетти.
Халқымызға тән мине усындай уллы адамгершилик жоқары руўхый ерлик үлгиси сыпатында пүткил дүньяда тән алынды.
Кейинги пайытта жәмийетшилигимиз тәрепинен билдирилген көплеген мүрәжатларды есапқа алып, биз Шоаҳмад Шомаҳмудовтың шаңарағына қойылған естеликти Ташкент қаласының орайындағы бурынғы орнына қайтарыўға қарар еттик.
Усы естелик жанында жайласқан орайлық көшелерден бирине Шоаҳмад Шомаҳмудовтың аты қойылды. Сондай-ақ, естелик орнатылған майдан, усы аймақтағы метро станциясы, көркем өнер сарайының «Халықлар дослығы» деген бурынғы аты қайта тикленди.
Әлбетте, бундай қарар терең тийкарға ийе. Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери дослық, өз-ара ҳүрмет орталығында тыныш-татыў жасамақта.
Өзбекстан пайтахтының орайында қайта тикленген комплекс халқымызға тән болған, барған сайын беккемленип баратырған кеңпейиллик ҳәм аўызбиршилик, қайырқомлық ҳәм адамгершилик пазыйлетлериниң анық тымсалы болып қалатуғынына исенимим кәмил.
Әзиз дослар!
Екинши жер жүзилик урыс жылларында халқымыз көрсеткен мәртлик ҳәм ерлик ҳаққында көплеген илимий ҳәм көркем шығармалар дөретилгенин, әлбетте, миннетдаршылық пенен атап өтемиз.
Соның менен бирге, халқымыздың уллы Жеңиске қосқан үлкен үлеси елеге шекем толық ашып берилмеген, десек, бул да әдилликке жатады.
Бүгинги пурсаттан пайдаланып, мен тарийхшы илимпазларымызға, әдебият ҳәм көркем өнер шеберлерине, кең жәмийетшилигимизге бир усыныс пенен мүрәжат етпекшимен. Сол қорқынышлы урыста қатнасқан ата-бабаларымыздың қаҳарманлығы ҳаққында жаңадан-жаңа шығармалар дөретиў, соның ишинде, анық тарийхый ҳүжжетлер тийкарында толық китап-альбом таярлап, басып шығарыўдың ўақты келди, деп ойлайман.
Ҳақыйқатында да, өнип-өсип киятырған жас әўладымыз фашизм иллетине қарсы гүресте батыр бабаларымыз көрсеткен мәртлик ҳәм жигерлиликти ҳеш қашан ядынан шығармаўы керек. Бул тарийхый ҳақыйқатты оларға толық жеткериў, перзентлеримизди миллий мақтаныш ҳәм ўатанға сүйиспеншилик руўхында тәрбиялаўға барлық жуўапкер шөлкемлер, илимпазларымыз, дөретиўши зыялыларымыз белсене қатнасады, деп исенемен.
Қәдирли ўатанласлар!
Бүгин уллы пайтахтымыз Ташкент қаласында, барлық ўәлаятларда ҳәм районларда ел-журтымыз Еслеў майданларын зыярат етип, урыста қайтыс болған ўанатласларымызды еске алмақта. Ҳүрметли ветеранларымыз бенен шын жүректен ушырасыўлар өткерилип, оларға сыйлықлар, естелик саўғалары тапсырылмақта.
Кекселеримизди, қәдирдан аталарымыз бенен аналарымызды разы етсек, пүткил халқымыз, жәмийетимиз бизден разы болатуғынын ҳәммемиз жақсы түсинемиз. Олардың теберик пәтиялары – бул, бәринен бурын, ел-журтымыздың пәтиясы, десек, ҳәр тәреплеме дурыс болады.
Усы мүнәсибет пенен атап өтпекшимен – кексе әўлад ўәкиллерине итибар ҳәм ғамқорлықты күшейтиў, олардың социаллық тәмийнаты, медициналық хызметтен пайдаланыў, турмыслық шараятларын жақсылаў, ҳүрметли ветеранларымызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, қәдирлеў ҳәм ардақлаў буннан кейин де итибарымыз орайында болып қалады.
Мине усы үлкен байрам күнлеринде, жап-жасыл тәбият қушағында, ашық аспан астында турып, ҳәр биримиз тыныш ҳәм азат турмыстың қәдирин, әҳмийетин буннан былай да терең сезинемиз, әлбетте.
Бирақ, тилекке қарсы, дүньяның ҳәр қыйлы регионларында кескинлик ошақлары көбейип бармақта. Бул да әйне ҳақыйқат. Усындай қыйын дәўирде тынышлық ушын гүрес ҳақыйқатында да ең әҳмийетли ўазыйпаға айланбақта.
Соның ушын биз жақын ҳәм узақ қоңсылырымыз бенен өз-ара пайдалы байланысларды күшейтпектемиз. Әсиресе, регионымызда дослық ҳәм бирге ислесиў руўхын беккемлеў бойынша үлкен жумысларды әмелге асырып атырғанымыз сизлерге жақсы белгили. Соның ишинде, жәбиркеш Аўғанстан жеринде 40 жылға шамалас ўақыттан берли даўам етип атырған урысты тыныш жол менен шешиў бағдарындағы басламаларымыз халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен қоллап-қуўатланбақта.
Регионымызда тынышлық ҳәм раўажланыў бәршемиздиң бирликтеги ҳәрекетлеримизге байланыслы. Усы мәниде, бүгин Орайлық Азия мәмлекетлери өз-ара бирге ислесиў байланысларын жаңа басқышқа көтериўге умтылып атырғаны оғада үлкен әҳмийетке ийе.
Ҳәзирги ўақытта Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, шегараларымызға қол қатылмаўын сақлаў, халықаралық терроризм, экстремизм, наркотрафик сыяқлы қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бас ўазыйпамыз болып қалады. Бул бағдарда Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын арттырып, тынышлық ҳәм қәўипсизлик жолында алыс және жақын мәмлекетлер менен бирге ислесиўди буннан былай да күшейтемиз.
Пурсаттан пайдаланып, Өзбекстанды шын кеўилден қоллап-қуўатлап, бүгинги илажға қатнасып атырған дипломатиялық корпус ўәкиллерине, барлық шет елли мийманларға жоқары ҳүрмет-иззет билдиремиз. Олардың еллерине ҳәм халықларына өзимниң атымнан, ел-журтымыздың атынан тынышлық ҳәм раўажланыў тилеўге руқсат еткейсиз.
Қәдирли ҳәм ҳүрметли ўатанласларым!
Сиз, әзизлерди қутлы байрам – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.
Бәршеңизге саў-саламатлық, шаңарақларыңызға қут-берекет тилеймен.
Дүньядағы ең үлкен бахыт – перзентлердиң, ақлықлардың ығбал-бахтын көриў бәршеңизге несип етсин.
Елимиз тыныш, халқымыз аман болсын!
Аспанымыз бәрқулла ашық болсын!