Патас ҳаўа саламатлыққа тәсир етип, қәўипли машқалалар келтирип шығарыўы мүмкин. Бизге белгили болғанындай, европалылардыӊ шама менен 98 проценти патас ҳаўадан дем алыўға мәжбүр, себеби континенттеги шаӊ ҳәм зыянлы элементлер араласпасы белгиленген нормадан асып кетпекте.

Изертлеў нәтийжеси, дерлик, пүткил Европада ҳаўа патаслығы себепли дем алыў қыйынласып атырғанлығын көрсетеди. Тек ғана төрт мәмлекет – Швеция, Исландия, Финляндия ҳәм Норвегияда көрсеткишлер нормада.

Қәнигелердиӊ атап өтиўинше, Европа ҳаўасы сапасы басқа айырым регионлар, мәселен, Ҳиндстанға салыстырғанда жақсы болса да, бәрибир унамсыз дәреже инсан денесине зыян жеткереди. Еӊ жаман жағдай Италияныӊ По ойпатында белгиленген. Испанияныӊ Барселона, Францияныӊ Париж ҳәм Грецияныӊ Aфина қалаларында да жағдай жақсы емес.

Қарақалпақстан хабар агентлиги