Швецариядағы Цюрих жоқары техникалық мектеби командасы көриў қәбилетин тиклей алатуғын жасалма тор пердеге ийе дүньядағы биринши бионикалық көзди жаратты.

Система көзәйнекке орнатылған миниатюра камерасы ҳәм көздиң тор пердесине хирургиялық жол менен орнатылатуғын нурға сезгир наносымлар матрицасынан ибарат.

Матрица камерадан келген сигналларды электр импулсларына айландырады, олар көздиң тор пердесинде қалған нерв клеткаларын қозғайды. Бул арқалы жасалма көриў имканияты жаратылады.

Бул ойлап табыў миллионлаған көзи әззи адамларға үмит бағышлайды. Ислеп шығарыўшылар айырым наўқасларда көриўди тиклеўге еристи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги