France Football басылымы Лев Яшин сыйлығы ушын талабанлар дизимин жәриялады.
Яшин сыйлығы жылдың ең жақсы дәрўазаманына тапсырылатуғын сыйлық болып есапланады. 2022-жылы бул сыйлық «Реал» дәрўазаманы Тибо Куртуаға берилген еди.
2023-жылы сыйлық ушын Тибо Куртуа («Реал»), Яссин Буну («Севиля»/ «Ал-Ҳилол»), Майк Менян («Милан»), Марк-Андре тер Штеген («Барселона»), Эдерсон («Манчестер Сити»), Андре Онана («Манчестер Юнайтед»), Аарон Ремсдейл («Арсенал»), Эмилиано Мартинес («Астон Вилла»), Доминик Ливакович («Фенербаҳче») ҳәм Брис Самба («Ланс») сыяқлы киперлер гүрес алып барады.
Жеңимпаз усы жылы 30-октябрь күни анықланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги