Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының плей-офф ушырасыўлары болып өтти.

Бул басқышта мәмлекетимиз футбол клублары атынан қатнасып атырған Алмалықтың «АКМК»  ҳәм Наманганның «Нәўбәҳәр» командалары мийманда Қатар клубларына қарсы  ойынға түсти.

“Ал Жануб” стадионында өткен «Ал-Вакра» ҳәм «Нәўбәҳәр» ушырасыўының тийкарғы ўақтында есап ашылмады. Ал, қосымша таймларда болса, әўмет наманганлы футболшыларға күлип бақты. Атап айтатуғын болсақ,  Дониёр Абдуманнопов ойынның 98 минутында қарсылас команда дәрўазасын анық нышанға алып, өз клубын келеси басқышқа алып шықты.

Ал, Миржалол Қасимов басшылығындағы «АКМК» клубы болса, «Ал-Араби» командасын 1-0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Солай етип, Азия чемпионлар лигасының топар басқышында Өзбекстанның 4 клубы, «Пахтакор», «Насаф», «АКМК» ҳәм «Нәўбәҳәр» клублары қатнасатуғын болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы