Футбол бойынша Италия А Сериясының 1-турына старт берилип, онда Өзбекстан сайланды командасының ҳүжимшиси Элдор Шамуродов ойнап атырған «Кальяри» «Торино»ға қарсы майданға түсти.

Кескин тәризде өткен бул ушырасыўда есап ашылмады ҳәм командалар өз-ара 1 упайдан бөлисти. Ойынның 62-минутында Элдор Шамуродов өзиниң жаңа клубында Лувумбоның орнына майданға түсти.

Ал, «Милан» болса, сапарда «Болонья» менен ушырасып, Оливье Жиру ҳәм Кристиан Пулишичтиң голлары есабынан жеңиске ерисиўге миясар болды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы