Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген илажлар, ушырасыў ҳәм спорт жарыслары  орынларда көтериңкилик пенен даўам етпекте.

ӨзЛиДеП тиң Қоңырат районлық Кеңеси тәрепинен тийисли шөлкемлер менен биргеликте елимиз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамы мүнәсибети менен жас өспиримлер арасында спорттың стол тенниси, шашка, шахмат, таэквандо, волейбол түри ҳәм сүўрет салыў бойынша жарыслар шөлкемлестирилди.

Спорт жарысында сөзге шыққанлар елимизде барлық тараўлар сыяқлы спорт  тараўын раўажландырыў бойынша да бир қатар реформалар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.

Мақсет болса, келешегимиз болған жасларды спортқа кеңирек тартыў, спорттың ғалабалығына  ерисиў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, халықтың саламатлығын беккемлеўде спорттың тутқан орны айрықша екенлигин үгит-нәсиятлаўдан ибарат.




Өзине жараса ҳәр бир инсаннан ақылды, шаққанлықты ҳәм епшилликти талап ететуғын спорт ойынларында жеңимпаз командалар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен «Ҳүрмет жарлығы» ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги