Нөкистеги Әбиў Әлий Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумы спорт базасында Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығына бағышланып республикалық емлеў профилактика мәкемелери хызметкерлери арасында спартакиада жарысы өткерилди.

«Спорт – саламатлық гиреўи» сүрени астында Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги менен биргеликте ғалабалық спортты раўажландырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў арқалы хызметкерлердиң саламатлығын беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыста 15 топар қурамында 170 тен аслам хызметкерлер шашка, жеңил атлетика, дартс, волейбол, арқан тартысыў түрлери бойынша беллести. Спартакиада жуўмағында улыўма командалық есапта Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм медициналық радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалының топары биринши, 1-Республикалық руўхый ҳәм нерв кеселликлери диспансери екинши, Республикалық чума профилактика орайы Қарақалпақстан филиалы үшинши орынды ийеледи.



Жеңимпазларға Қарақалпақстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Өзбекстан денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен кубок, медаль, дипломлар тапсырылды. Сондай-ақ, «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», «Ең жас қатнасыўшы», «Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы»,  «Жеңиске болған умтылысы ушын» номинациялары бойынша жеңимпазлар хошаметленди.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы