Нөкис Әбу Али Ибн Сино атындағы жәмийетлик саламатлық техникумының спорт базасында Өзбекстан Республикасы Ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамы мүнәсибети менен Республикалық емлеў профилактикалық мәкемелери  хызметкерлери арасында саламат турмыс қәлпин ен жайдырыў ҳәм оларды спортқа кеңнен тартыў арқалы спорттың ғалабалығын арттырыў мақсетинде,  спорттың жеңил атлетика, дартс, шашка, волейбол, арқан тартысыў  түрлери бойынша Спартакиада өткерилди.

Спартакиадаға Республикалық емлеў профилактикалық мәкемелеринен 15  команда  қурамында  170 ден аслам хызметкерлер  қатнасты.

Кескин өткен жарыс жуўмағында, Республикалық қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы  I орынды, 1-санлы Республикалық руўхый ҳәм неврология диспансери II орынды,  Республикалық Оба профилактика орайы Қарақалпақстан филиалы  III орынды ийелеўге еристи.

Сондай-ақ, жарыс жуўмағында  қатнасыўшылар арасынан «Ең жасы үлкен қатнасыўшы», “Ең шебер ҳәўескер қатнасыўшы”, “Жеңиске болған умтылысы ушын”,  “Ең жасы киши қатнасыўшы” номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланды.

Спартакиада жуўмағында жеңимпазлар Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги менен  Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң арнаўлы дипломы, медальлары, кубоклары  ҳәм баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.



Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы